22.12.2024, Екшемби

Президентимиздиң БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында шығып сѳйлеген сөзиндеги басламалар дүнья жүзинде әмелге асырылады

Бүгин дүнья жүзинде ҳәўиж алған пандемия барлық мәмлекетлердиң сиясий, социаллық ҳәм экономикалық жағдайына ѳзиниң кери тәсирин тийгизбей қалмады. Жыл басында Бирлескен Миллетлер Шѳлкеминиң Бас Ассамблеясының 75-сессиясы кѳтеринкилик пенен шѳлкемлестирилиўи нәзерде тутылған болса да, күтилмегенде жүз берген айрықша жағдай себепли онлайн тәризде ѳткерилди. Белгили болғанындай, күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў ҳәм оның ақыбетинде келип шыққан машқалаларды турақластырыўдан ибарат болды.

2020-жыл 23-сентябрь. Бул сәне мәмлекетимиз тарийхы бетлерине алтын ҳәриплер менен жазылатуғын күн болды. Себеби, Ҳүрметли Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шѳлкеминиң Бас Ассамблеясының
75-сессиясында шығып сѳйлеп, ўатанласларымыздың ертеңги жақты күнлерге болған исенимин арттырды.

Ҳүрметли Президентимиз ѳз шығып сѳйлеўинде халықаралық ҳәм аймақлық әҳмийетке ийе болған бир қатар ўазыйпалар бойынша зәрүр басламаларды алға қойды. Атап айтқанда, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, климат ѳзгериўи, азық-аўқат қәўипсизлиги машқаласы, камбағаллықты сапластырыў ҳәм қысқартыў мәселелерин ортаға таслады.

Булардың барлығы жоқары минберде мәмлекетлик тилде баян етилиўи жүз жыллық тарийхымыздағы қуўанышлы ўақыялардың бири болып, ѳзиниң мазмуны, глобал кѳлемдеги мәселелерди шешиўдеги үлкен әҳмийети менен бәршениң итибарын тартты. Мәмлекетимиздиң тажы, ең жоқары белгиси болған ана тилимиздиң қәдирин және де бәлент кѳтерди.

Ҳүрметли Президентимиздиң баянатында алға қойылған басламаларды бирме-бир алып қарайтуғын болсақ, оның орайында ең биринши гезекте инсан мәпи ҳәм ҳуқықлары турғанлығын терең аңлаймыз.

Мәмлекетимиз басшысы ѳз мүрәжаты арқалы раўажланыў ушын хызмет ететуғын идеялар басламашысы, новатор сыпатында сәўлеленди.

 Әсиресе, Орайлық Азияның ажыралмас бѳлеги есапланған Аўғанстан мәселесинде Президентимиздиң билдирген усынысы жүдә үлкен халықаралық әҳмийетке ийе, әлбетте. Бирлескен Миллетлер Шѳлкеми жанында Аўғанстан халқының дәртин ҳәм тәшўишлерин тыңлайтуғын, турақлы жумыс алып баратуғын комитет шѳлкемлестирилиўи Аўғанстанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына жәрдем береди.

Сондай-ақ,ѳз баянатында бүгин пүткил адамзат басына түскен, ҳәммени бирдей қәўетерге салып атырған коронавирус пандемиясы, оған қарсы биргеликте гүресиў ҳәм кеселлик тарқалыўының унамсыз ақыбетлерин жеңип ѳтиў мәселелерине де айрықша итибар қаратқанлығы қуўанышлы жағдай болды.

Бул апат бириншилерден болып шешилиўи керек болған машқалалардың бирине айланды. Жас, миллет ҳәм мәмлекет таңламайтуғын вирус жүдә тез пәтлер менен тарқалып үлгерди. Усы орында мәмлекетимизде Ҳүрметли Президентимиз кѳрсетпеси менен ѳз ўақтында қолланылған илажлар кеселлик ақыбетинде пайда болған қәўипти кемейтиў имканиятын пайда еткенлигин айрықша атап ѳтиў орынлы.

Пандемия себепли глобал машқалалар артқаны, атап айтқанда «Барған сайын тәшўишли көриниске ийе болып атырған кәмбағаллық  пүткил дүнья жәмийетшилигин, бәршемизди тынышсызландырыўы зәрүр» деген сѳзлери арқалы Ҳүрметли Президентимиздиң халықшыл ҳәм адамгершиликли екенлигин пүткил дүнья жүзи халқы және бир мәрте сезинди.

Мәмлекетимиз басшысының баянатынан келип шығып итибар қаратыў орынлы болған және бир мәселе бар. Бәршемизге мәлим, Ҳүрметли Президентимиз усы жылдың басында 2021-2023-жылларда БМШниң “Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси”не ағза болыў кереклигине тоқталып ѳтти. Тән алыўымыз керек, кейинги жылларда Республикамызда бул тараўда үлкен ѳзгерислер кѳзге тасланбақта. Диний ҳәм сиясий себеплер менен жазасын ѳтеп атырғанлар санының кескин қысқарыўы, сѳз еркинлигиниң тәмийинленип атырғанлығы ҳәм еркин сайлаўлар жолындағы реформалар буған айқын мысал бола алады.

 Баянатта алға қойылған халықаралық басламаларды дықкат пенен тыңлар екенмен, олар кейинги тѳрт жылда әтирапымызда, бизлердиң кѳз алдымызда жүз бергенлигин аңлап жеттим. Мақтаныш сезимлери пайда болды. Себеби, Ѳзбекстандағы басламаларды енди дүнья жәмийетшилиги жаңалық сыпатында қабыл ете баслады. Ѳз нәтийжесин берип, халықты разы етиў арқалы экономикалық ѳсиўди тәмийинлеген реформалар бәршени қызықтырыўы тәбийғый жағдай. Бул болса, Ѳзбекстандағы демократиялық ѳзгерислер артқа қайтпаслығынан дерек береди.

Улыўма алғанда, мәмлекетимиз басшысы пүткил дүнья жәмийетшилигине қарата адамзаттың абадан турмыс кешириўи ҳәмме ўақыт дыққат орайымызда болыў кереклин билдирди.

 

Сағындық Турманов – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты
қоллап-қуўатлаў министри