22.12.2024, Екшемби

ПИДАЙЫЛЫҚТЫҢ ЖЕМИСИ

Бүгинги күнде пүткил инсаният қатары көп миллетли халқымыз да коронавирус пандемиясы ақыбетинде жүзеге келген сынаўлы ҳәм қыйыншылықларға қарсы беккем ерк-ықрар ҳәм күш-ғайрат пенен гүрес жүргизип атыр. Бул сынақларда елимиз турмысында, пандемияның алдын алыўда ҳәм оның унамсыз тәсирин жумсартыўда, халқымыздың денсаўлығын қорғаўда, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарында өз ўақтында көрилген ис-илажлар үлкен нәтийжесин берип атыр.


Усындай қыйын шараятта Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёевтың басшылығында мәрт ҳәм жоқары адамгершиликли пазыйлетке ийе халқымызды және де аўызбиршиликке шақырып, бирлесип, мүтәж шаңарақларға қайыр-сақаўат жәрдемин, меҳир ҳәм жоқары адамгершилик пазыйлетлерин көрсетип, азық-аўқат ҳәм материаллық жәрдемлер берилди ҳәм бундай қайырлы ислер даўам еттирилмекте.


Әлбетте, усы мақсет жолында бир қатар исбилерменлер, мәкеме-кәрхана басшылары, қурылысшылар, шыпакерлер, фармацевтика тараўы ўәкиллери, усы жумысларды кеңнен сәўлелендириўде, халыққа ўақтында жеткериўде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери де белсендилик пенен аянбай хызмет етпекте.

Мине, усындай меҳир-сақаўат үлгилерин көрсеткен тараў пидайылары бүгин ҳүкиметимиздиң «Меҳр-саҳоват» көкирек нышаны менен сыйлықланыўға ылайық деп табылды.

Бүгин 23-сентябрь күни Нөкис қаласы ҳәкимлигинде усы сыйлық ийелерине көкирек нышанларын салтанатлы жағдайда тапсырыў мәресими болып өтти.



Мәресимде қала ҳәкими П.Турешев ҳәм қала прокуроры С.Иматовлар сыйлықланғанларды қутлықлап, олардың машақатлы жумысларына табыслар тиледи.

Өз нәўбетинде сыйлық ийелери де Журтбасшымыз тәрепинен халқымызға көрсетилип атырған ғамхорлықлар ҳәм қоллап-қуўатлаўлардан руўхланып, алдағы ўақытлары да өзлериниң бар күш-ғайратын аямай жумсайтуғынлығын билдирип өтти.

 

Ғ.Бердибаев,

журналист.