22.12.2024, Екшемби

ӨЗГЕРИЎЛЕРГЕ ЖҮЗ ТУТҚАН МОЙНАҚ

Соңгы үш жыл ишинде мәмлекетимиз Президенти тәрепиен көрсетилип атырған аталық ғамқорлығы мойнақшылардың кеўлинде қуўаныш ҳәм мақтаныш сезимлерин оятады. Районның келбети пүткиллей өзгерди. Мойнаққа үш, төрт жыл бурын келгенлер, бүгин Мойнақты танымай қалады. 

       Көп қабатлы турақ жай имараты

Электр шырақлары жарқыраған көшелер, бой тиклеген имаратлар кимниң болса да кейпиятын көтереди.



Әсиресе, балалардың быйылғы жазғы дем алысын кеўилли ҳәм мазмунлы өткериў ушын пайдаланыўға тапсырылған "Ақ кеме" саўалландарыў орайын атап өтиў орынлы.  

 "Ақ кеме" саўалландырыў орайы

Жақында "Мойнақ аэропорты"на туңғыш самалет қонды. Тарийх бетлеринде мөрленип қалатуғын бул ўақыя район халқы тәрепинен үлкен қуўаныш пенен қарсы алынды.

"Мойнақ келешеги қурыўшылары" жуўапкергилиги шекленген жәмийети тәрепинен әмелге асырылған илажлар районда дийханшылық мектебиниң қәлиплесиўине тийкар жаратты.

 


     "Мойнақ аэропорты"

Сондай-ақ, мәдений кеўил ашар, дем алыў ҳәм социаллық объектлер менен бирге ири кәрханалардың қурылыўы нәтийжесинде район турғынларының бәнтлиги тәмийинленбекте.

Сондай кәрханалардың бири Мойнақ районы ҳәкимлиги жанынан дүзилген "Мойнақ аква санаат" мәмлекетлик унитар кәрханасы есапланады. Оған райондағы "Жылтырбас", "Судоче" ҳәм "Рыбачье" тәбийий суў ҳәўизлери турақлы пайдаланыў ушын берилди. Бул жерде балықшылық ушын арнаўлы азықлық жем ислеп шығарыў, инкубация цехлары ҳәм сақлаў музлатқышлы қоймахана салыў, балық көбейтиў орынларын қурыў ҳәм сақлаў үскенелерин орнатыў жойбарлары әмелге асырылды. Буның барысында арнаўлы агрегатлар орнатылды ҳәм жойбарлар толық иске түсирилди.

 

Кәрханада карп балығы (сазан, карас) личинкаларын жетистириўши "Вейс" ҳәм отқор балық түрине жататуғын ақ амур, дөңмаңлай (толстовик) личинкаларын жетистириўши "Амур" инкувация аппаратлары бар. Олар жәрдеминде жетистирилген балық личинкаларын ҳәр жылы бәҳәрде кәрханаға қараслы көллерге жибериў жумыслары әмелге асырылып келинбекте. Балық личинкаларын сапалы азықлық жем менен тәмийинлеў де кәрхананың өзинде шөлкемлестирмлген болып, саатына 350 килограмм азықлық жем ислеп шығаратуғын үскенениң барлығы бунда қол келмекте. Кәрхана жанында "Мойнақ балықты қайта ислеў ҳәм консервалаў заводы" жаңадан қурылып, онда консервалаў, ыслаў, балық филесин ислеп шығарыў линиялары толық иске түсирилди. Завод ҳәзирги күнде "Сазан", "Шығыс налими", "Шабақ", "Дөңмаңлай", "Килька" ҳәм балық тефтелинен майда ҳәм томат соусындағы консерва өнимлерин ислеп шығармақта. Бүгинги күнде ишки базарда сатылып атырған консерва өнимлерин келешекте шет мәмлекетлерге экспорт етиў бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта.

 

Инновациялық телемедицина орайы

Балықшылық тараўы бойынша әмелге асырылып атырған илажларға және дыққатыңызды қаратамыз. Бүгинги күнде бурыннан бар болған ҳәўизлерге суў алып келиў ушын 13,7 км. узынлықта қарық қазыў, жаңадан суў насосын орнатыў ҳәм трансформаторлар қурыў бойынша көлеми 1 млрд. 200 млн. сўмға жақын болған оңлаў жумыслары алып барылды. "Қоңырат мелиоратор" жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен ҳәўизлерге суў жеткериў ушын қарықларды қазыў жумыслары толық жуўмағына жеткизилди. Балық жетистириўге қәнигелескен хожалықлар 10 пуқара тәрепинен исбилерменлик субъекти болып шөлкемлестирилди.


Район халқы балықшылық тараўы менен бирге шарўашылық тараўына қанигелескен болып, бул бойынша бирқанша унамлы жумыслар алып барылды. Атап айтқанда, райондағы банк филиаллары тәрепинен улыўма баҳасы 10 млрд. сўмлық 9 жойбар ушын кредит ажыратылып, нәтийжеде 149 бас нәсилли қара мал бағыў шөлкемлестирилди. Әмелге асырылып атырған системалы илажлар шеңберинде келешектеги жойбарлар тийкарында 1500 ири шақлы, 1000 майда шақлы қарамалларды бағыўды шөлкемлестириў режелестирилмекте.

Жуўмақ орнында айтатуғын болсақ, Мойнақта әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, жойбарлар, тарийхый өзгерислер аймақ турғынларының қәддин де, кейпиятын да көтермекте.

 

Дариға АБЛАЕВА, Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети баслығы.