Бүгинги күнде Аралбойы регионында
жасаўшы халықтың турмыс дəрежесин жəнеде жақсылаў, аймақты социал-экономикалық раўажландырыў
бойынша қабыл етилген пəрман ҳəм қарарлар тийкарында кең көлемли жумыслар əмелге
асырылмақта.
Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 15-16 ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмаларына муўапық аймақта экологиялық жағдайды жақсылаў ҳəм Аралбойы аймағының турақлы раўажланыўын тəмийинлеў бойынша жергиликли атқарыў ҳəкимшилигине Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары ҳəмде арқа аймақлардағы 5 район ҳəкимлигине Экология ҳəм Аралбойы аймағын раўажландырыў мəселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымы енгизилди.
Ҳүрметли Президентимиз 2017-жыл
сентябрь айында БМШ Бас ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеп, Арал
теңизиниң қурып қалыўы ақыбетлерин жумсартыўда халықаралық ҳəрекетлерди жедел түрде бирлестириўге шақырды ҳəм Президентимиздиң
басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми қəўендерлигинде Аралбойы аймағы
ушын Инсан қəўипсизлиги бойынша көп тəреплеме шериклик тийкарында Траст фонды
шөлкемлестирилди.
Ɵткен қысқа ўақыт ишинде Траст
фондына донор мəмлекетлер тəрепинен жəми 11,3 млн. доллар қаржы өткерип берилди.
Бүгинги күнде Траст фондына келип түскен қаржылар есабынан жəми 3.1 млн.доллар муғдарындағы еки жойбар баслап жиберилди. Атап айтқанда, 1,4 млн.доллар муғдарындағы Аралбойы аймағында инсан қəўипсизлиги машқалаларын шешиў бағдарында аўыллық аймақларды раўажландырыў ҳəм 1,7 млн. долларлық əззи аналар ҳəм жаңа туўылған балаларға перинатал жəрдемлер көрсетиўдиң сапасын жақсылаў мақсетинде алып барылып атырған жойбарлар.
Президентимиздиң баламасы менен Арал
теңизиниң қурып қалған ултанынан көтерилип атырған дуз ҳəм қумлардың зыянын
азайтыў мақсетинде «Жасыл қапламалар» - қорғаў тоғайзарларын пайда етиў мақсетинде
2019-жылда 461 мың гектар майданға сексеўил, қандым, жыңғыл ҳəм басқада
өсимликлердиң туқымлары ҳəм нəллери егилди. Сондай-ақ, 2020-жыл даўамында 706
мың 401 гектар майданға сексеўил, жыңғыл ҳəм қарабарақ өсимликлериниң туқымлары
менен нəллери егилди. Соныда айрықша атап өтиў керек, жайлаў азықлық
өсимликлерин егиўгеде айрықша итибар қаратылмақта.
Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме
хызмети