22.12.2024, Екшемби

10-сентябрь күни Кегейли районында арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң тапсырмасына муўапық, усы жылдың 10-сентябрь күни Кегейли районында «Қуралланған жынайый топарлар тәрепинен әмелге асырылған жарылыў ақыбетлерин сапластырыўда биргеликтеги күшке ийе структуралардың ҳәрекетлери» атамасында арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди.

 


ҚР ИИМ мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, оқыў шынығыўында тийкарынан «Қуралланған жынайый топарларды қуралсызландырыў, гиреўге алынғанларды азат етиў», «Жәмийетлик тәртипти сақлаўда пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеў» және «Жарылыў қәўпи болған предметлерди зыянсызландырыў» мәселелерине әҳмийет қаратылды.

 


Оқыў шынығыўын өткериўден тийкарғы мақсет, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер уйымлары тәрепинен халықтың тыныш ҳәм абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў және басқа күшке ийе структуралар және олардың жаўынгерлик бөлимшелери менен биргеликте ислесиў, турақлы түрде байланыста болыў системасын жаратыў және ҳәр бир хызметкер тәрепинен өз хызмет ўазыйпасының жоқары дәрежеде орынланыўына ерисиў болып табылады.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.