30.10.2024, Сәршемби

«Жеңис парки» естелик комплексиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында


Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Екинши жер жүзилик урыста мәртлик, фронт артында  ерлик және адамгершилик үлгилерин көрсеткен көп миллетли Өзбекстан халқының фашизм үстинен ерисилген уллы Жеңисти тәмийинлеўге қосқан мүнәсип үлесин кең көлемде сәўлелендириў, екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм фронт артында пидәкерлик мийнет еткен ўатанласларымыздың атларын мәңгилестириў, олардың бийтәкирар ерлигин тарийх бетлерине мөрлеў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў мақсетинде Ташкент қаласында «Даңқ» мәмлектлик музейи, «Мәңги мәртлик» ҳәм «Төзим-тақат тәрийпи» монументлерин, тарийхый-көркем экспозицияларды өз ишине алған «Жеңис бағы» естелик комплекси қурылды.

«Жеңис парки» естелик комплексиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, оның қурамындағы «Даңқ» мәмлекетлик музейиниң фондын турақлы түрде байытып барыў, бул бағдарда илимий-изертлеў жумысларын алып барыў ҳәм келешек әўлад ушын архив ҳүжжетлери ҳәм предметлерди сақлап қалыў, жасларды жоқары гуманизм ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў системасын және де жетилистирў мақсетинде:

1. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Мәденият министрлиги, Өзбекстан Илимлер академиясы ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң:

Қорғаныў министрлиги жанында юридикалық тәреп статусына ийе болған мәмлекетлик мәкеме түриндеги «Жеңис парки» естелик комплекси (кейинги орынларды – Комплекс) жумысын Ташкент қаласы, Алмазар районы, Сағбон көшеси мәнзилинде шөлкемлестириў;

Комплекс аймағында Қорғаныў министрлигиниң Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти, Әскерий оркестрлер хызмети, Қураллы Күшлер орайлық қосық ҳәм аяқ-ойын ансамблин бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырыў;

Комплекстиң жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған «Жеңис парки» естелик комплексин раўажландырыў қорын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

2. Төмендегилер Комплекстиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

Екинши жер жүзилик урыс майданында мәртлик ҳәм ерлик, фронт артында ерлик ҳәм адамгершилик үлгилерин көрсеткен көп миллетли Өзбекстан халқының фашизм үстинен ерисилген уллы Жеңисти тәмийинлеўге қосқан мүнәсип үлесин илимий тийкарда үйрениў, халқымыз ҳәм дүнья жәмийетшилиги арасында кеңнен енгизиў;

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшалыры ҳәм фронт артында пидәкерлик мийнет еткен ўатанласларымыздың атларын мәңгилестириў;

Өзбекстан халқының Екинши жер жүзилик урысындағы қатнасы, фронт артындағы мийнет қаҳарманлықлары, елимизге эвакуация ҳәм депортация етилген түрли миллет ўәкиллери, атап айтқанда, балалардың кеңпейиллик пенен күтип алыныўы ҳәм оларға ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетилиўи сыяқлы тарийхый ўақыяларды көрсетиў арқалы жас әўладтың мәнаўий дүньясын жоқарылатыў ҳәм кексе әўлад пенен мийрасхорлық сезимин күшейтиў, жоқары гуманизм, ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў;

халқымыздың тарийхый яд пенен жасап, өткенлердиң естелигин еске алыўы, оларға ҳүрмет көрсетиў, сондай-ақ, мазмунлы дем алыў менен байланыслы руўхый-ағартыўшылық илажлар және республикалық ҳәм халықаралық көлемде илимий-әмелий конференциялар, семинарлар, шеберлик сабақлары, дөретиўшилик кешелер, көргизблер ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў;

Екинши жер жүзилик урыс дәўирине байланыслы сырт ел музей экспозициялары ҳәм архивлериниң фондларын үйрениў, Өзбекстан халқының жеңиске қосқан үлкен үлесин илимий тийкарлаў ушын мақсетли, фундаменталлық ҳәм әмелий изертлеўлер алып барыў және оларды кең жәмийетшиликке усыныў;

«Даңқ» мәмлекетлик музейи фондлары ҳәм экспозицияларын Екинши жер жүзилик урыс пенен байланыслы ҳүжжетлер ҳәм басқа да экспонатлар менен турақлы байытып барыў;

Екинши жер жүзилик урысқа байланыслы музей аўсық бөлеклери ҳәм коллекцияларын сақлаў, жаңаларын анықлаў, топлаў, олар ҳаққындағы мағлыўматларды баспаға таярлаў, басып шығарыў ҳәм илимий пайдаланыўға киргизиў;

урыс дәўиринде ўатанласларымыздың жаўынгерлик ҳәм фронт артындағы пидәкерлик хызметлерин көрсететуғын тарийхый естеликти беккемлеў мақсетинде билимлендириў мәкемелери менен биргеликте Комплексте ашық сабақлар, лекция ҳәм семинар сабақларын өткериўди, студентлердиң тәжирийбе әмелиятын өтеўин шөлкемлестириў;

Комплексте туристлер, изертлеўшилер ҳәм зыяратлаўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм оның туристлик потенциалын арттырыў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырыў;

Комплекс қурамындағы «Даңқ» мәмлекетлик музейиниң экспозициясын жетилистириўде заманагөй мәлимлеме технологияларынан кеңнен пайдаланыў, илимий-изертлеўлер алып барыў және дәстүрий емес көргизбелер жаратыў бойынша халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў, бул бағдардағы сырт ел музейлери менен көргизбелер шөлкемлестириў бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланысларын орнатыў;

халыққа мәдений-дем алыў хызметлерин көрсетиў.

3. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги Руўхый-ағартыўшылық орайы, «Жеңис парки» естелик комплекси, Қураллы Күшлер музейи, Қураллы Күшлер қосық ҳәм аяқ-ойын ансамбли және Қорғаныў министрлигиниң Әскерий оркестрлер хызметиниң жумысын муўапықластырыў ҳәм нәтийжели басқарыў мақсетинде Қорғаныў министрлиги әскерлериниң блгиленген шекленген улыўма саны шеңберинде Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министриниң мәдений ислер бойынша мәсләҳәтшиси – «Жеңис парки» естелик комплекси баслығының лаўазымы енгизилсин.

4. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги жанындағы «Жеңис парки» естелик комплексиниң жумысын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

5. а) Комплексти сақлаў Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигине ҳәр жылы ажыратылатуғын бюджет қаржылары, бюджеттен тысқары қаржылар және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклердиң есабына әмелге асырылатуғынлығы;

б) «Жеңис парки» естелик комплексин раўажландырыў қоры төмендеги дәреклердиң есабына қәлиплестирилетуғынлығы:

Комплекске  ҳәм оның объектлерине кириў ушын билетлер сатыў, оның мүлкин ижараға бериў, шәртнамаға муўапық көргизбелер шөлкемлестириўден ҳәм басқа хызметлер  көрсетиўден түскен қаржылар;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплер, соның ишинде, Өзбекстан Республикасының резидент емеслери тәрепинен әмелге асырылған шериклик қайырқомлықлары;

реже ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

в) Комплекске келиў ушын бир мәртелик билеттиң баҳасы Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги тәрепинен белгиленсин.

6. Зәрүр жағдайларда Комплекске, оның жумысын шөлкемлестириў ушын тийисли базалық лаўазымның айлық ис ҳақысы бойынша саатбай мийнетке ҳақы төлеў тийкарында басқа қәнигелерин тартыўға руқсат берилсин.

7. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

еки ай мүддетте Комплекстиң аймағында Қорғаныў министрлигиниң Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайының имаратын қурыў бойынша Министрлер Кабинетине уыныс киргизсин;

үш ай мүддетте «Жеңис парки» естелик комплексин раўажландырыў қорының  қаржыларын қәлиплестириў ҳәм оннан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы нызамды ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

8. Комплекстиң жумысын шөлкелестириў ушын зәрүр штат бирликлери Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги әскерлериниң белгиленген шекленген улыўма саны шеңберинде ажыратылатуғынлығы;

Комплекс Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик герби көриниси түсирилген ҳәм өз атынан мәмлекетлик тилинде жазылған мөр ҳәм бланкаларға, еркин балансқа, банк есап бетлерине және сырт ел валютасындағы банк есап-бетлерине ийе болатуғынлығы;

Комплекстиң баслығы Өзбекстан Республикасы мәденият министри менен келисилген ҳалда қорғаныў минитсри тәрепинен лаўазымға тайынланып ҳәм лаўазымнан азат етилетуғынлығы;

Комплекс қурамындағы «Даңқ» мәмлекетлик музейи юридикалық тәреп статусына ийе болған мәкеме есапланатуғынлығы;

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги «Жеңис парки» естелик комплекси және Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти өз статусына, хызметкерлер (әскерий хызметкелер) мийнетине ҳақы төлеў (пул тәмийнаты) шәтлерине бола Қорғаныў министрлиги орайлық аппаратының бас басқармасына теңлестирилетуғынлығы белгилеп қойылсын.

9. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Комплекстиң 2021-жылдан илимий жумысына байланыслы мәмлекетлик бағдарламалардың жойбарларын әмелге асыратуғын шөлкемлердиң реестрине киргизлиўин ҳәм илимий-изртлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпа талапларына муўапық таңлаўлар тийкарында Комплекс илимий жойбарларына белгиленген тәртипте қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.

10. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси,ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, «Өзархив» агентлиги және Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте халқымыздың Екинши жер жүзилик урыста ерисилген уллы Жеңиске қосқан мүнәсип үлесин терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарындағы жаңа мағлыўматларды, Комплексте алып барылып атырған илимий-ағартыўшлық, ғалабалық-мәдений илажларды өзинде ҳәр тәреплеме сәлелендиретуғын китап-альбом таярлап, ҳәр жылы 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан басып шығарыўды жолға қойсын.

11. Өзбекстан халқының Екинши жер жүзилик урыста ерсилген уллы Жеңиске қосқан мүнәсип үлеси ҳаққындағы китап-аьбомды таярлаў ҳәм басып шығарыў бойынша жумысшы топар қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

12. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў минитсрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Миллий гвардия, Мәмлекетлик бажыхана комитети:

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм фронт арты ветеранларының қаҳарманлығына байланыслы материалларды топлаў және Комплекс қурамындағы «Даңқ» мәмлекетлик музейи фондында сақланып атырған экспонатлар ҳәм мағлыўматлар тийкарында илимий изертлеўлер алып барыў ҳәм Комплекс фондын турақлы түрде байытыў жумысларын әмелге асырсын;

Республикалық жоқары ҳәм жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериниң студентлери (курсантлары), магистрантлары ҳәм докторантлары тәрепинен урыс жылларына байланыслы илимий-изертлеў жумыслары алып барылыўын шөлкемлестирсин, бул мақсетте «Жеңис бағы» естелик комплексиниң объектлеринде өз алдына оқыў ханаларын ажыратсын;

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Илимлер академиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте темаға байланыслы көркем, илимий-көпшилик китапларды басып шығарсын;

Екинши жер жүзилик фашизм үстинен ерисилген жеңисте өзбек халқының мүнәсип үлесин келешек әўладлардың ядында сақлап қалыў ушын  режелестирилген илажларды турақлы түрде өткерилиўин тәмийинлесин;

Комплекс қурамындағы «Даңқ» мәмлекетлик музейинде Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлер қурамына киретуғын министрликлер ҳәм уйымлардың мүйешлерин жаратыў бойынша жумысларды шөлкемлестирсин.

13. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги Комплекстиң ишки аймағы ҳәм объектлериниң қорғалыўын ҳәм өрт қәўипсизилигин, Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардия Комплекске тутас болған сыртқы аймақлардың күни-түни қорғалыўын тәмийинлесин.

14. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Комплекстиң мүрәжатына тийкарланып сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен илимий бирге ислесиўди орнатыў ҳәм раўажландырыўда әмелий жәрдем көрсетсин.

15. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Комплекстиң мүрәжатына тийкарланып оның белгиленген тәртипте телекоммункация ҳәм жоқары Интернет жәҳән мәлимлеме тармағына қосылыўын тәмийинлесин.

16. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги еки ай мүддетте:

а) Мәденият министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети менен биргеликте:

Комплекске кириў билетлериниң онлайн саўдасын шөлкемлестириў;

шет тиллерде онлайн гид ҳәм онлайн экскурсия өткериў системасын енгизиў;

«Даңқ» мәмлекетлик музейиниң заманагөй сайтын жаратыў және онда «3D» ҳәм «3600» форматындағы фотоальбомды қәлиплестириў ҳәм жайластырыў илажларын көрсин.

б) Саўда-саннат палатасы ҳәм «Өнермент» ассоциациясы  менен биргеликте «Жеңис парки» естелик комплекси ҳәм «Даңқ» мәмлекетлик музейи аймағында миллий естелик саўғалары өнимлери және музейде сақланып атырған предметлер көширмелериниң саўдасын шөлкемлестирсин.

17. Комплекс аймағында естелик саўғалары өнимлериниң саўдасы менен шуғылланатуғын өнерментлер тек өзлери ислеп шығарған өнимлерди сатады ҳәм «Халық әмелий көркем өнери усталарының миллий каталоги»не киргизиледи.

18. Ташкент қаласы ҳәкимлиги 2020-жыл 1-октябрьге шекем Комплексти белгиленген тәртипте қабыл етип, тийисли кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестирсин ҳәм оны барлық мүлки менен оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигине бийпул пайдаланыў ҳуқықы негизинде тапсырсын.

19. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги:

бир ай мүддетте  Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Мәденият министрлиги менен биргеликте Комплексти жоқары маманлықтағы кадрлар менен тәмийинлесин;

Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Мәденият министрлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте Комплекске ишки ҳәм сыртқы туристлерди кеңнен тартыў илажларын көрсин.

Жоқары ҳәм орта  арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәденият министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, «Өзбеккино» миллий агентлиги менен биргеликте Комплексте өткерилип атырған мәдений ҳәм ағартыўшылық илажларға белгили жазыўшылар, шайырлар, дөретиўшилик мектеплериниң оқыўшылары, данқлы тарийхымыз ҳәм мәдениятымыз бойынша қәнигелерди, әскерий ансамбль ҳәм оркестрлер және басқа музыка ҳәм көркем өнер ўәкиллерин кеңнен тартып барсын.

20. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, Республикалық руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы Комплекске тийисли билимлендириў мәкемелериниң билим алыўшыларын кеңнен тартқан ҳалда Екинши жер жүзилик урыс жылларының тарийхы ҳәм ўатансүйиўшилик темаларында турақлы түрде сабақлардың өткерилиўин шөлкемлестирсин.

21. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 14-майдағы «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң әскерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3726-санлы қарары 2-бәнттиң «б» киши бәнтиндеги «орынлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы мәмлекетлик тест орайы тәрепинен өткерилетуғын тест сынақлары» сөзлери «орынлар жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў имтиханлары» сөзлери менен алмастырылсын.

22. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги үш ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте реже ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерсилер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

23. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи – Спичрайтери Х.М.Султоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.Мирзиёев

Ташкент қаласы,

2020-жыл 9-сентябрь