Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги
«Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкиметиниң әмелий жәрдеминде бүгинги күнде районда бир қатар шарўашылық комплекслери қурылып, сырт еллерден нәсилли маллар алып келинбекте. Атап айтқанда, районда улыўма баҳасы 54 миллиард 755 миллион сумлық жәми 46 жойбарды әмелге асырыў, усының есабынан 127 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Жойбар шеңберинде улыўма 2575 бас, соның ишинде 1845 бас нәсилли қара мал, 730 бас қой-ешки алып келинеди.
Қарардың орынланыўын тәмийинлеў,
атап айтқанда, шарўашылықты раўажландырыў бағдарындағы исбилерменлик
басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, тараўға халықты кеңнен тартыў,
олардың шарўашылық пенен шуғылланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў
бағдарындағы жумыслар баслап жиберилди. Соның ишинде, шарўашылық жумысы менен
шуғылланыў тилегин билдирген жойбар интакерлери ҳәр тәреплеме
қоллап-қуўатланбақта.
Райондағы «Еркиндәрья» аўыл
пуқаралар жыйыны аймағында «Еркиндәрья шарўа» фермер хожалығы тәрепинен 100 бас
қарамалға мөлшерленген шарўашылық комплекси иске түсирилди.
Акционерлик-коммерциялық «Халық банки»нен алынған 1 миллиард 338 миллион сум
кредит есабынан усы жылдың май айында 25 бас гольштейн, 28 бас симментал
нәсилли қара мал алып келинди. Усының есабынан 15 турақлы жумыс орны жаратылды.
Бүгинги күнге шекем 17 бас бузаў алынды.
Германия ҳәм Россия
Федерациясынан алып келинген нәсилли маллар айрықша күтимди талап етеди. Фермер
хожалығының жумыслары менен танысар екенбиз, буның айқын гүўасы болдық. Хожалық
жумысшыларының бир қатары маллар ушын жуғымлы азықлық есапланған силос бастырып
атырған болса, айырымлары маллардың күнделикли күтими менен бәнт.
Усының есабынан ҳәр бир сыйырдан
15 литр әтирапында сүт саўып алынбақта. Бул сүт өнимлери Нөкис қаласындағы ҳәм
район аймағындағы сүтти қайта ислеў шақапшаларына, саўда орынларына, дийқан
базарларына шәртнама тийкарында жеткерип берилмекте.
Район ҳәкиминиң қарары менен фермер хожалығына улыўма 375 гектар егислик жер майданы ажыратылып, соннан 20 гектарына дән ушын мәкке, 20 20 гектарына силос ушын мәкке, 60 гектарына жоңышқа егилди. Бул жумысларға 7 дана түрли маркадағы аўыл хожалығы техникасы менен агрегаты қатнастырылмақта. Қәнигелердиң айтыўынша, бүгинги күнге шекем 500 тоннадан аслам силос бастырылды. Буннан тысқары, 15 мың дана жоңышқа преси, 95 тоннадан аслам мәкке дәни жыйналды. Ҳәр бир бас мал ветеринария шыпакериниң бақлаўында болмақта.
Райондағы «Қусханатаў» аўыл
пуқаралар жыйыны аймағындағы «Агробизнес Бозатаў» жуўапкершилиги шекленген
жәмийети тәрепинен биринши басқышта 96 басқа мөлшерленген шарўашылық комплекси
қурып питкерилип, Германия мәмлекетинен 33 гольштейн ҳәм 32 бас симментал нәсилли
қара мал алып келинди. Келешекте Түркиядан шәртнама тийкарында жылына 150 тонна
сүтти қайта ислеў үскенелери алып келинеди. Усы аўыл пуқаралар жыйыны
аймағындағы «Бозатаў Симментал» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы
улыўма 500 бас қара малға мөлшерленген шарўашылық комплексиниң қурылыс
жумыслары желел пәтлер менен алып барылмақта. Биринши басқышта Австрия
мәмлекетинен 300 бас нәсилли қара мал алып келинеди. Кейинги басқышта
Германиядан заманагөй сүтти қайта ислейтуғын үскенелер алып келинип, шарўашылық
кластери шөлкемлестириледи. Еки комлекстиң иске түсирилиўи менен бир қатар жаңа
жумыс орынларына жаратылады.
Районда шарўашылық тармағында
әмелге асырылып атырған кең көлемдеги жойбарлар халқымызды арзан ҳәм сапалы гөш
ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўге, пуқаралардың бәнтлигин
арттырыў ҳәм олардың дәраматын көбейтиўге хызмет етеди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери