22.12.2024, Екшемби

Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында


Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы


Жер улыўма миллий байлық, Өзбекстан халқының турмысы, искерлиги ҳәм абаданлығының тийкары, ең әҳмийетли тәбийғый ресурс болып есапланады. Сонлықтан, жерлерден ақылға уғрас, нәтийжели ҳәм белгиленген мақсетте пайдаланыўды тәмийинлеў, жерлерди қорғаў, жер менен тығыз байланысқан Мәмлекетлик кадастрлардың бирден-бир системасын толық жүргизиў мәмлекеттиң ең әҳмийетли ўазыйпаларының бири.

Экономикалық тараўдағы кең көлемли өзгерислер жер ҳәм оған байланыслы ресурслардың анық есабын жүргизиў, олардан ақылға уғрас пайдаланыў системасын буннан былай да жетилистириўди талап етпекте.

Атап айтқанда, жерлерди ажыратыў, олардың есабын жүргизиў, аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў, жерди қадағалаўды әмелге асырыў ўазыйпаларының бир уйымда жыйналғанлығы, жер участкалары, обеъкт ҳәм имаратларға (кейинги орынларда-көшпес мүлк) кадастр ҳүжжети топламын дизимнен өткериўши уйымның өзи тәрепинен таярланыўы тараўда мәплердиң соқлығысыўын жүзеге келтирмекте.

Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде:

1.     1. Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетиниң аўыл хожалығы жерлери ҳәм егинлерин мониторинг етиў, аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў, аўыл хожалығы жерлерин қорғаў бойынша мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў, топырақ бонитировкасын өткериў, аўыл хожалығы жерлериниң нормативлик баҳасын анықлаў, топырақ өнимдарлығын арттырыў, топырақтаныўшылық, геоботаника бойынша изертлеўлерди әмелге асырыўға байланыслы ўазыйпалары, функциялары және ўәкилликлери Аўыл хожалығы министрлигине өткерилсин.

Аўыл хожалғына мөлшерленбеген жерлердиң қурамындағы өзгерислерди өз ўақтында анықлаў, унамсыз процесслердиң алдын алыў ҳәм ақыбетлерин сапластырыў мақсетинде олардың мониторингин өткериў Өзбекстан Республикасында қоршаған тәбийғый орталықтың мәмлекетлик мониторинги шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

2.     2. Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети негизинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги (кейинги орынларда – Кадастр агентлиги) шөлкемлестирилсин.

3.     3. Төмендегилер Кадастр агентлигиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

а)  көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў тараўында:

көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў;

мәмлекетлик жер кадастры, обеъктлер ҳәм имаратлар мәмлекетлик кадастрын жүргизиў;

көшпес мүлкке болған ҳуқықлардың мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлеўге ҳәм жер участкаларының өзбасымшалық пенен ийелеп алыныўына жол қоймаўына қаратылған нәтийжели жер қадағалаўын әмелге асырыў;

б) геодезия ҳәм картография тараўында:

геодезия ҳәм картография тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

аэрокосмослық сүўретке алыў, топография-геодезия, картографияға байланыслы изленислер және изертлеўлерди, жерлерди аралықтан зондлаў, геодинамикалық изертлеўлердиң мағлыўматлары ҳәм материалларынан пайдаланған ҳалда картографиялық мониторингди әмелге асырыў;

мәмлекетлик картография-геодезия кадастрын жүргизиў;

мәмлекетлик геодезиялық қадағалаўды әмелге асырыў;

в) мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў тараўында:

мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының мәмлекетлик кадастрларын жүргизиў тараўындағы жумысын муўапықластырыў;

Мәмлекетлик кадастрлардың бирден-бир системасын жүргизиў, аймақлар мәмлекетлик кадастрының нәтийжели жүргизилиўин тәмийинлеў;

мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў тәртиплерине әмел етилиўин тәмийинлеўге қаратылған нәтийжели кадастр қадағалаўын әмелге асырыў;

г) көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў тараўында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў;

д) көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўды тәмийинлеў.

4.     4. Төмендегилер:

көшпес мүлкке болған ҳуқықлардың, соның ишинде, жер участкасына болған мүлк ҳуқықы, ийелик етиў, пайдаланыў ҳәм ижараға алыў ҳуқықының жүзеге келиўи, өзгериўи, басқа пуқараға өтиўи, шеклениўи ҳәм бийкарланыўы тек ғана мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин күшке киретуғыны;

көшпес мүлкке болған ҳуқықты дизимнен өткериў ушын өз ўақтында мүрәжат етпеў айыпкер пуқараларға ҳәкимшилик жуўапкершиликтиң белгиленгенлиги;

көшпес мүлктиң түри, сыпатламасы, көлеми, баҳасы ҳәм басқа да көрсеткишлерин анықлаў мақсетинде оның кадастр ҳүжжети топламының таярланатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

5.     5. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

резервте турған ҳәм жаңадан ажыратылып атырған жер участкаларына кадастр ҳүжжети топламы аўыл хожалғына мөлшерленген жерлерде – район (Қувасай қаласы) аўыл хожалығы бөлиминиң, аўыл хожалғына мөлшерленбеген жерлерде – район (қала) қурылыс бөлиминиң мүрәжатына муўапық район (қала) ҳәкимлигиниң буйыртпасына тийкарланып таярланады, бул қәрежетлер жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў ўақтында усы жер участкасының ийеси болған пуқара тәрепинен қапланады;

жер участкаларына болған ҳуқықлар усы Пәрман күшке киргенге шекем жүзеге келген, бирақ мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген болса, оларға кадастр ҳүжжети топламын таярлаў және көшпес мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳуқық ийелериниң буйыртпаларына тийкарланып олардың қаржылары есабынан әмелге асырылады;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, хожалық басқарыў уйымлары, соның ишинде, тоғай хожалықлары, суў хожалығы шөлкемлери, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар, социаллық мәкемелерге берилген жер участкаларына кадастр ҳүжжети топламын таярлаў және көшпес мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў баланста сақлаўшылардың буйыртпаларына тийкарланып ҳәм олардың қаржылары есабынан әмелге асырылады;

кадастр ҳүжжети топламы Кадастр агентлиги тәрепинен аттестациядан өткерилген кадастр инженерлер және Кадастр агентлиги системасындағы шөлкемлер тәрепинен шәртнама тийкарында таярланады;

2020-жыл 1-октябрьден баслап жер участкаларына болған ҳуқықлардың жүзеге келиўи, өзгериўи, басқа пуқараға өтиўи, шеклениўи ҳәм бийкарланыўын нәзерде тутыўшы қарарлар, аукцион ҳәм таңлаў билдириўлери, нотариал тастыйықланған келисимлер және басқа да ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Миллий географиялық мәлимлеме системасында (кейинги орынларда – Миллий геомәлимлеме системасы) мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин күшке киреди;

мәмлекетлик жер кадастры, объектлер ҳәм имаратлар мәмлекетлик кадастрын жүргизиў көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў арқалы жыйналған мағлыўматлар тийкарында әмелге асырылады.

6.     6. 2021-жыл 1-январьдан баслап:

жер түри, контуры, шегарасы ҳәм ҳуқықый ийелери ҳаққындағы барлық мағлыўматлар Кадастр агентлигиниң  онлайн геопорталына (кейинги орынларда – онлайн геопортал) киргизилетуғыны;

онлайн геопортал Миллий геомәлимлеме системасына интеграцияланатуғыны;

 жер балансы ҳәм оның есабы, район (қала) жер кадастырының дәптери  тек ғана Миллий мәлимлеме системасында жүргизилетуғыны;

Мәмлекетлик кадастрлар бирден-бир системасы миллий геомәлимлеме системасында қәлиплестирилетуғыны;

тийисли мәмлекетлик кадастрлардың мағлыўматлары Миллий геомәлимлеме системасына тек ғана телекоммуникация тармақлары арқалы тиккелей берилип барылатуғыны белгиленсин.

7.     7. Кадастр агентлиги:

а) еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине:

жер участкаларына болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткермеў, жер участкаларын өз басымшалық пенен ийелеп алыў және мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў тәртибин бузыў менен байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумыслар тек ғана Кадастр агентлиги уйымлары тәрепинен көрип шығылыўын нәзерде тутыўшы нызам жойбарын;

көшпес мүлк объектлериниң мәмлекетлик кадастр тараўында мәмлекетлик хызметлердиң баҳаларын қайта көрип шығыў, соның ишинде, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларына болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын өндирилетуғын жыйымды азайтыў  бойынша ҳүкимет қарарының жойбарын киргизсин;

б) 2020-жыл 1-ноябрьге шекем онлайн геопорталды сынақ түринде иске қоссын;

в) 2020-жыл 1-декабрьге шекем барлық аўыл хожалығы карталарының онлайн геопорталға киргизилиўин және оның Миллий мәлимлеме системасына интеграцияласыўын тәмийинлесин;

г) 2021-жыл 1-январьдан  баслап онлайн геопорталды толық иске қоссын. 

8.     8. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Мәмлекетлик салық комитети, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Қурылыс министрлиги менен бирге жер участкаларын ажыратыў ҳаққындағы қарарлар, аукцион ҳәм таңлаў протоколлары және жер участкаларына болған ҳуқықлардың жүзеге келиўи, өзгериўи ҳәм бийкарланыўына тийкар болған басқа ҳүжжетлердиң 2021-жыл жуўмағына шекем Миллий геомәлимлеме системасында толық мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.

9.     9. Аўыл хожалығы жерлериниң нормативлик баҳасын анықлаў ҳәм қайта баҳалаў, топырақ бонитировкасы ҳәм топырақ карталарының корректировкасын өткериў, суўғарылатуғын жерлерде топырақты агрохимиялық изертлеў жумысын орынлаў ҳәм агрохимиялық картограммалар дүзиў, топырақ (жер) мониторингин өткериў ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджеттен нәзерде тутылатуғын қаржылар 2021-жыл 1-январьдан баслап Аўыл хожалығы министрлигине ажыратылатуғыны белгиленсин.

Аўыл хожалығы министрлиги еки ай мүддетте топырақ бонитировкасы жумысларын өткериў, аўыл хожалығы жерлериниң нормативлик баҳасын анықлаў ҳәм геоботаникаға байланыслы изертлеўлерди әмелге асырыўға исбилерменлик субъектлерин тартыў бойынша  Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

10.                        10. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-апрельдеги «Аўыл хожалығы тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5708-санлы Пәрманының 1-бәнтине 1-қосымшаға муўапық қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин.

11.                        11. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 2-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.

12.                        12. Мәмлекетлик салық комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Министрлер Кабинетине:

еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбарын;

еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

13.                        13. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 7-сентябрь