22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2020-жыл 4-сентябрь күнги арнаўлы қарары тийкарында босаған орынларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутатлыққа талабанлар дизимге алынды


Усы жылдың 20-сентябрь күни төмендеги 5 округта босаған орынларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатларын сайлаўы болып өтеди.

 Нөкис қаласы, 4-санлы «Ерназар Алакөз» сайлаў округи:

1. Абдикаликов Икрам Ережепбаевич – 1987-жылы туўылған,  ӨзЛиДеП ағзасы, Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары.

2. Айымбетова Гүлхатша Аймановна – 1961-жылы туўылған, Өзбекстан “Адолат” СДП ағзасы , “Айқулаш” қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли вокал артисти.

3. Жаримбетов Искендер Утегенович – 1984-жылы туўылған,  ӨзМТДП ағзасы,  Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Атқарыў комитети аппаратының идеологиялық ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша бас қәнигеси.

4. Жуманиязов Улугбек Искандерович – 1980-жылы туўылған,  ӨзЭкоПартия ағзасы,  республикалық спорттың гимнастика түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби директори.

5. Қусбатыров Хамит Нурашович – 1977-жылы туўылған,  ӨзХДП ағзасы, Нөкис қаласы “Өрнек” мәкан пуқаралар жыйыны баслығы.

 

Елликқала районы 20-санлы «Сарабий» сайлаў округи:

1. Нурумбетов Улуғбек Каримбердиевич – 1965-жылы туўылған,  ӨзХДП ағзасы, Елликқала районы “Чайка альтернативлик машина трактор парки” жуўапкершилиги шекленген жәмийети директоры.

2. Отемуратов Баирамбай Пердебаевич – 1977-жылы туўылған,  ӨзЛиДеП ағзасы, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры.

3. Садуллаев Дилшодбек Бахромович – 1990-жылы туўылған, ӨзМТДП ағзасы, Елликқала районы мәлимлеме китапхана орайы директоры.

4. Сапарбаев Илхам Махсатбаевич – 1988-жылы туўылған,  Өзбекстан “Адолат” СДП ағзасы, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Елликқала педагогика факультети деканының жаслар менен ислесиў бойынша орынбасары.

5. Юлдашев Бахрам Абдуллаевич – 1970-жылы туўылған,  ӨзЭкоПартия ағзасы, “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Елликқала районы бөлими баслығы.

 

Беруний районы 25-санлы «Нәўбәҳәр» сайлаў округи:

1. Абдуллаев Сардорбек Жуманазарович – 1983-жылы туўылған,  Өзбекстан “Адолат” СДП ағзасы, Өзбекстан “Адолат” СДП Беруний районлық Кеңеси баслығы. 

2. Артиков Кахрамон Сапарбаевич – 1980-жылы туўылған,  ӨзЛиДеП ағзасы, Беруний районы “Тўқимачи” мәкан пуқаралар жыйыны баслығы.

3. Ерниязов Какимбек Ақылбекович – 1992-жылы туўылған, ӨзЭкоПартия ағзасы, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы Беруний районы бөлими бас қәнигеси.  

4. Ешимбетов Акбар Азаматович – 1986-жылы туўылған,  ӨзМТДП ағзасы, Өзбекстан “Миллий тикланиш”  демократиялық партиясы Беруний районлық Кеңеси баслығы.

5. Реимбаев Адилбек Рузимухаммадович – 1977-жылы туўылған,  ӨзХДП ағзасы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги  Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығының орынбасары.  

 

Қоңырат районы 49-санлы «Қоңырат» сайлаў округи:

1. Айтжанов Пахратдин Юлдашевич – 1967-жылы туўылған,  ӨзМТДП ағзасы, “Қоңырат сода заводы” жуўапкершилиги шекленген жәмийети капитал қурылыс бөлими баслығы.

2. Бегдуллаев Ахмет Кобейсинович – 1972-жылы туўылған,  ӨзЭкоПартия ағзасы, “Қоңырат сода заводы” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ислеп шығарыў ҳәм техника бөлими баслығы. 

3. Кумекова Асима Жумабаевна – 1973-жылы туўылған,  Өзбекстан “Адолат” СДП ағзасы, Қоңырат районы 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси меңгериўшиси.

4. Отемуратов Азат Киличбаевич – 1978-жылы туўылған, ӨзХДП ағзасы, Қоңырат районы 10-санлы мектеп директорының руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары.

5. Толыбаев Бахрам Тенгелбаевич – 1980-жылы туўылған,  ӨзЛиДеП ағзасы, Қоңырат районы ирригация бөлими баслығы

Қараөзек районы 63-санлы «Қаракөл» сайлаў округи:

1. Камалов Мурат Қаллибекович – 1955-жылы туўылған, ӨзЭкоПартия ағзасы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы директоры.

2. Куатбаев Қуанышбай Куатбаевич – 1989-жылы туўылған, ӨзЛиДеП ағзасы, Акционерлик-коммерциялық Халық банкиниң Қараөзек филиалы басқарыўшысы.

3. Оразалиев Мырзалы Даўлеталиевич – 1986-жылы туўылған, ӨзХДП ағзасы, Өзбекстан илим, пән ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қараөзек районлық Кеңеси баслығы.

4. Разбеков Куанышбай Бисенбаевич – 1984-жылы туўылған, ӨзМТДП ағзасы, Қараөзек районы халық билимлендириў бөлими баслығының орынбасары.

5. Темирханов Жеткербай Аманбаевич – 1985-жылы туўылған, Өзбекстан “Адолат” СДП ағзасы, Қараөзек районы 22-санлы мектеп директоры.

 

Буннан тысқары, Нөкис қаласы 4-санлы “Айдын жол”, Әмиўдәрья районы 24-санлы “Оқ олтин”, 28-санлы “Дарёбўйи”, Қоңырат районы 26-санлы “Әдебият”, Мойнақ районы 17-санлы “Комбинат”, Нөкис районы 22-санлы “Тарлы”, Тақыятас районы 3-санлы “Шатрауық”, 16-санлы “П.Сейтов”, Төрткүл районы 30-санлы “Пахаобод”, сайлаў округлеринде Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерге депутатлар сайлаўы болып өтеди.