22.12.2024, Екшемби

Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир жолларындағы насазлықлар бойынша социаллық тармақларда жəрияланған мақала бойынша Қарақалпақстан Республикасы автомобил жоллары аймақлық басқармасы баслығы А.Гобенов төмендегилерди мəлим етти

Усы жылдың 30-август күни социаллық тармақларда «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығына Нөкис қаласы турғыны А.Тилегеновтан  Сəлемнама» атлы мақала жəрияланған еди. Онда Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир жолларындағы насазлықлар айтылған.

 

Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы автомобил жоллары аймақлық басқармасы баслығы А.Гобенов төмендегилерди мəлим етти.

 

4Р 176-“Нөкис-Шымбай-Тахатакөпир” автомобиль жолының 47-км.нен 84-км аралығы Шымбай районлық Автомобиль жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасына бириктирилген болып, кәрхана тәрепинен 4Р 176-“Нөкис-Шымбай-Тахатакөпир” автомобиль жолының 72 ҳәм 84-км аралығына күнделикли оңлаў жумысларын жүргизиў ушын 800,0 млн. сўмлық қаржы ажыратылып, сентябрь айында усы жолға асфальтобетон қаплама жатқарыў режелестирилген.

Усы жолдың Шымбай районы Кеңес АПЖ аймағынан өтиўши бөлими яғный 76-км.нен 78-км аралығына 2018-жыл “Абат аўыл” бағдарламасы тийкарында реконструкция жумыслары жүргизилген. Атап айтқанда жолдың еки тарепин кеңейтиў асфальт жатқарыў ҳəм пиядалар жолын қурыў жəнеде жолдың еки тəрепин жақлантырыў жумыслары алып барылған.

 

Сондай-ақ, Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автомобиль жолының 53-км.нен 58–км аралығына киши оңлаў жумыслары усы жылдың август айында басланып бүгинги күнде толық жуўмақланыў алдында тур.



Мақалада көрсетилген Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автомобиль жолының Қараөзек районы аймағынан өтиўши бөлими яғный 84-89 км аралығында Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы тəрепинен 2020-жылда ажыратылған лимит тийкарында Қараөзек районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен 4Р176 «Нѳкис-Шымбай-Тахтакөпир» автомобиль жолының 84-89км аралығындағы оңлаў жумысларына жәми 13 млрд сўм муғдарындағы реже белгиленген ҳәм жойбар смета ҳүжжетлери ислеп шығылып, соннан бүгинги күнге келип 86-88км аралығындағы оңлаў жумыслары өз жуўмағына жеткерилген.


Атап айтқанда, жолдың еки тəрепин кеңейтиў, пиядалар жолын қурыў жəнеде жолдың еки тəрепине жақтыландырыў
жумыслары алып барылған. Ҳəзирги ўақытта 88-89км аралығына ени-14 метр, болған жолға асфальт жатқарыў жумыслары əмелге асырылмақта.


Мақалада көрсетилген фотосүўрет бойынша үйрениў жумыслары алып барылғанда бул 4Р176 «Нѳкис-Шымбай-Тахтакөпир» автомобиль жолының 82-83 км екени аықланды. Бул кемшиликлер бойынша 2020-жылдың 31-август күнинен баслап оңлаў жумысларының баслап жиберилгенин ҳəм тез арада бул насазлықлардың сапластырлатуғынын мəлим етип билдиремиз.

 


Мағлыўмат орнында атап өтиў керек 2020-жыл январь айынан баслап Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларының эксплуатация қəрежетлерине жəми 102,3 млрд.сум қаржы ажыратылған болып, соннан күнделикли оңлаў жумысларына 55,8 млрд.сум, сақлаў жумысларына 36,9 млрд.сум, қысқы қараў жумысларына 0,6 млрд.сум ҳəм көклемзарластырыў жумысларына 8.8 млрд сум қаржы ажыратылған.

Ҳəзирги ўақытта күнделикли оңлаў жумыслары бойынша 52,1 млрд сум муғдарындағы яғный 194 км жолда оңлаў жумыслары алып барылды ҳəм бул жумыслар еледе даўам етпекте.

        

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети