Ɵзбекстан
Республикасы Ғəрезсизлигиниң 29 жыллығына бағышланған “Сен – қудирет дəреги, бахыт мəканы,
жанажан Ɵзбекстаным!” ураны астында шөлкемлестирилген байрам салтанаты Нөкис
қаласында жайласқан “Истиқлол” балалар дем алыў бағында онлайн түрде болып өтти.
Байрам салтанатына
нураныйлар, илим ғайраткерлери ҳəм пидайы жаслар қатнасты.
Президент
Шавкат Мирзиёев халқымызды байрам менен қутлықлады.
-Карантин шеклеўлерине қарамастан, санаат ҳəм аўыл хожалығын раўажландырыў,
заманагөй ислеп шығарыў қуўатлықларын жаратыў үзликсиз даўам еттирилди. Мəмлекетимиз
кəрханалары белгиленген режени орынламақта. Жыл басынан берли 9 миллиард
долларлық өнимди экспортқа шығарыўға ерисилди - деди Президент. Сондай-ақ, Быйыл
республикамызда бир ғана санаат тараўында улыўма баҳасы 11 миллиард доллар
болған жойбарлардың иске түсирилетуғыны атап өтилди. Исбилерменлик илим-пəн, билимлендириў, суд-ҳуқық
тараўындағы нəтийжелерге тоқталып өтилди.
Шынында да, елимизде соңғы жылларда кең көлемли жумыслар əмелге
асырылмақта. Сол қатары Қарақалпақстан Республикасында жүз берген өзгерислерди
атап өтиў орынлы.
Атап айтқанда, Нөкис қаласы бүгин өзгеше түске енип, заманагөй
көринисте өз мийманларын күтип алмақта. Республикамыздың ең алыс аймақлары
болған Мойнақ, Бозатаў ҳəм Тахтакөпир районларын социаллық-экономикалық жақтан
раўажландырыў, социаллық ҳəм ислеп шығарыў инфраструктурасын жетилистириў ҳəм
абаданластырыў бағдарында оғада үлкен жумыслар əмелге асырылмақта.
Бир ғана мысал, Мойнақ районы аэропортында 71,1 млрд. сум муғдарындағы
қурылыс-оңлаў жумыслары əмелге асырылып, усы жылдың 26-август күни биринши самалёт
аэропортқа келип қонды.
Сондай-ақ, Бозатаў районы қайта шөлкемлестирилип, бир қатар жаңа
имаратлар, атап айтқанда стадион ҳəм амфитеатр қурылып пайдаланыўға тапсырылды.
Район шарўашылыққа қəнигелестирилип, шарўашылық комплекслери қурылды ҳəм сырт
еллерден нəсилли қарамаллар алып келинип олардың бас санын көбейтиў жумыслары
алып барылмақта.
Тахтакөпир районы халқын жоқары басымдағы тəбийғый газ бенен тəмийинлеў
мақсетинде газ трубалары капитал оңланып, газ бөлистириў үскенелери жаңаланды.
Булардың
барлығы халқымыздың турмысын жақсылаў, өтип атырған ҳəр бир күнинен ырза етиў ҳəм ең баслысы ҳəр бир
тараўда əмелге асырылып атырған жумысларда əдиллик нормаларының тəмийинлениўине
үлкен итибар қаратылып атырғанын көрсетеди, əлбетте.
Коронавирус
пандемиясы себепли быйылғы Ғəрезсизлик байрамы иқшам түрде, онлайн режимде
өткерилди.
Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети