Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў
министрлигинде бир топар нураныйларға ҳәм мийнет ветеранларына «Меҳнат
фахрийси» кѳкирек белгисин тапсырыў салтанаты болып ѳтти.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў
министри С.Турманов алып барды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов
сѳзге шығып, елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында нураныйлар ҳәм
кексе жастағы пуқараларға ҳүрмет кѳрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў
ҳәм хошаметлеўге, сондай-ақ, олардың елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында
толық ҳуқықлы қатнасыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, жәмийетте, шаңарақларда
ҳәм мәҳәллелерде тынышлық-татыўлықты тәмийинлеў, жас әўладты халқымыздың көп
әсирлик дәстүрлерин ҳүрмет етиў руўхында тәрбиялаў жумысындағы ролин арттырыў
бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап ѳтти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-июль күнги қарары менен елимиздиң экономика, өндирис, илим, мәденият, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, юриспруденция ҳәм басқа да салаларында көп жыллар даўамында жемисли мийнет еткен напақа жасындағы жерлеслеримизди, сондай-ақ, жумыс ислемей, өмирин шаңарақлардың беккемлигин сақлаўға, перзентлеримизди жәмийет алдында жуўапкершилик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға, жасы үлкенлер менен жас әўлад ўәкиллерине ҳүрмет, ана-Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў жумысларына бағышлап, жәмийетимизде ҳүрметке ийе болған аналарымызды мүнәсип сыйлықлаў мақсетинде I, II, III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгилериниң шөлкемлестирилиўи буның айқын дәлийли болып табылады.
Усы жыл Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 7 нураный I дәрежели, 8
нураный II дәрежели, 10 нураный III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси
менен сыйлықланды.
Сыйлықланғанлар атынан сөзге шыққанлар айрықша итибары ҳәм ғамқорлығы ушын
ҳүрметли Президентимизге, республикамыздың басшыларына миннетдаршылық билдирди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы
Д.Қурбаниязов қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңесиниң баспасөз хызмети