22.12.2024, Екшемби

ХАЛЫҚТЫҢ ЖƏРДЕМГЕ МҮТƏЖ ҚАТЛАМЫН ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ, СУЎ ТƏМИЙНАТЫ ҲƏМ ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ БОЙЫНША МƏСЕЛЕЛЕР ДОДАЛАНДЫ

 Усы жылдың 28-август күни Халық депутатлары Қанлыкɵл районлық Кеңесиниң он екинши сессиясы болып ɵтти.

 Сессия күн тәртибине қарап шығыўға халықтың жəрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын асырыў ҳәм шет мәмлекетлерде мийнет еткен пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар, “2021-2023-жылларға мɵлшерленген ишимлик суў тəмийнаты ҳəм канализация системасын комплексли раўажландырыў бағдарламасы”на Қанлыкɵл районы бойынша киритилип атырған жойбарларды үйрениў ҳəм тийисли усыныслар киритиў, сондай-ақ, Қанлыкɵл районында пандемия дәўиринде улыўма орта билим бериў мектеплеринде 2020-2021-жаңа оқыў жылын баслаў ушын мектеп оқыўшыларының ата-аналарынан алынған социаллық сораўнамалардың нәтийжелери додаланды.

 

 Күн тəртибиндеги мəселелер бойынша Қанлыкɵл районы Мəҳəлле ҳəм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бɵлими баслығы С.Жуманова, район ҳəкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары М.Мəмбетрзаев ҳəм районлық Халық билимлендириў бɵлими баслығы Т.Қрықбаевлар мəлимлеме берди.



 Сондай-ақ, сессия мәжлисинде Өзбекстан Республикаси Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында, усы жылдың 20-август күнги видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген тапсырмалар, исбилерменликти раўажландырыў бойынша аймақлардағы қосымша имканиятлар ҳәм бул жолдағы ислениўи лазым болған жумыслар талқыланып, олардан мақсетли пайдаланыў ҳәмде кооперацияларды жолға қойыў, жаңадан ашылған кәрханаларды қоллап-қуўатлаў, бюджет дəраматларын асырыў, қосымша жумыс орынларын жаратыў арқалы халықтың, әсиресе, сырт ел мәмлекетлеринде мийнет еткен пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселелери талқыланды.

 

 Елимизде карантин талаплары жумсартылғаны менен коронавирус инфекциясының тарқалыўы даўам етпекте. Сонлықтан, бəрше орынларда болғаны сыяқлы билимлендириў мəкемелеринде де санитария, гигиена талапларына қатаң әмел еткен ҳалда жумысларды шөлкемлестириў талап етилмекте.

Соның менен биргеликте, сессияда 2020-жыл 25-26-август күнлери пандемия шараятында жаңа оқыў жылында тәлимди қайсы түрде алып барыў бойынша Қанлыкɵл районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма билимлендириў мектеплерде оқыўшылардың ата-аналары менен өткерилген сораўнамалардың нәтийжелери тыңланып, билимлендириў мəкемелериниң жаңа оқыў жылына таярлығы қай дəрежеде шɵлкемлестирилип атырғанлығы бойынша мәселелер талқыланды.

 

Сессияда көрилген мәселелер бойынша пикирлер билдирилип, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Қанлыкɵл районы ҳəкимлиги Мəлимлеме хызмети