22.12.2024, Екшемби

Бүгин Халық депутатлары Хожели районлық кеңесиниң тоғызыншы сессиясы болып өтти

 

Сессияда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты М.Ибрагимов, Жоқарғы Кеңес комитети баслығы А.Ибрагимов, район 4 сектор басшысы, кәрхана, мәкеме, шөлкем басшылары ҳәм халық депутатлары қатнасты. Сессия күн тәртибинде төмендеги 6 мәселе көрип шығылды.

 

 Атап айтқанда, кем тәмийнленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийнлеў, сондай-ақ балалардың мектепке барыўы, карантин қағыйдаларына әмел етиў мәселелери додаланды. Олий Мәжилис депутаты Мухтар Ибрагимов усы жөнинде өз пикир ҳәм усыныслар баян етти.

 

Жоқарғы Кеңес комитет баслығы АбуБакир Ибрагимов ишимлик суў ҳәм канализация тармақларын жақсылаў жөниндеги дәстүрлер менен таныстырды. Буннан тысқары, район прокуратурасы ҳәм Ишки ислер болиминиң 6 айда әмелге асырған жумыслары бойынша депутатларға есап берди. Жәнеде, депутатлар талабы менен банк басқарыўшыларының шаңарақ исбилерменлиги бойынша есабатлары тыңланды ҳәм депутатлар сын көз қараста баҳалады.