Қанлыкөл районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы шөлкемлестирилиўинде Республикалық 4 сектор жуўапкерлери қатнасыўында нәўбеттеги көшпели қабыллаўлар болып өтти.
Тийкарынан қабыллаўда пуқаралардан бәнтлик, үй-жай менен тәмийинлеў, исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын жер ажыратыў ҳәм кредит қаржыларын алыў, электр энергиясы, газ ҳәм ишимлик суў менен тәмийинлеў мәселелери бойынша мүрәжатлер келип түсти.
Мағлыўмат ушын, көшпели қабыллаўда физикалық ҳәм юридикалық шахслардан жәми 83 пуқарадан 41 мүрәжат келип түсип, 11 мүрәжат орнында унамлы шешилип, 3 мүрәжат ийесине ҳуқықый түсиник берилди. Сондай-ақ, 27 мүрәжат бойынша тийисли мәкеме басшыларына тапсырмалар берилип, Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынды.
Қабыллаў даўамында келип түскен мүрәжатлар бойынша сектор ҳәм тийисли тараў басшыларына белгиленген тәртипте тапсырмалар халықты қыйнап атырған машқалалардың унамлы шешимин табыў ушын тийисли илажлар көриў бойынша ўазыйпалар берилди.
Еслетип өтемиз, реже тийкарында карантин қағыйдаларына әмел еткен ӽалда Республикамызда көшпели қабыллаўлар даўам етеди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы Баспасөз хызмети