Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң тоғызыншы
сессиясы болып өтти. Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлис Нызамшылық
палатасы депутаты Джумамуратов Руслан Таңатарович ҳәм Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Қурбаниязов Даўытбай Қалбаевич
сондай-ақ, районлық Кеңестиң депутатлары, сектор басшылары, тийисли мәкеме,
кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары қатнасты.
Күн тәртибиндеги биринши мәселе Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 20-август күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша районымыз халқының жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў (темир дәптер), исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт еллерде мийнет еткен жумыссыз пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында.
Бул бойынша Шымбай
районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери
бойынша биринши орынбасары Д.Жолдасов шығып сөйледи. Күн тәртибиндеги усы
мәселе бойынша Шымбай районы Финанс
бөлими баслығының орынбасары Қ.Ержанов, ҳәм Шымбай районы Халық бәнтлигине
көмеклесиӯ орайы директоры Б.Назаровлар сөзге шықты.
Күн тәртибиндеги екинши мәселе бойынша райондағы улыӯма
билим бериӯ мектеплеринде 2020-2021 оқыӯ жылына таярлық көриӯ бойынша әмелге
асырылған жумыслары ҳаққында Шымбай районы Халық билимлендириӯ бөлими баслығы
Э.Мамбеткаримова баянат жасады. Халық депутатлары Шымбай
районлық Кеңесиниң тоғызыншы сессиясына қойылған мәселелер толығы менен
көрип шығылды.
Шымбай районы
хәкимлиги Мәлимлеме хызмети.