Соңғы жыллары мәмлекетимиз тәрепинен билимлендириў тараўына үлкен итибар қаратылмақта. Билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базалары толықтырылып, заманагөй инвентарлар менен тәмийинленип келинбекте. Бул өз гезегинде оқыўшылардың сапалы билим алыўына имканият жаратады.
Қоңырат районында 49 улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм 1 “Баркамал әўлад” балалар орайы гезектеги оқыў жылына таярлық көрмекте.
2020-2021-оқыў жылында мектеплерде 25716 оқыўшыға 2513 педагог хызметкерлер тәлим-тәрбия бермекте. Жаңа оқыў жылына 8 мектепке (2, 10, 12, 37, 47, 52,54,55-санлы) 1370 дана парта, 102 дана муғаллимлер столы, 204 дана китап шкафы, 204 дана кийим шкафы, 102 дана муғаллимлер стулы ҳәм 102 дана тахталар сыяқлы жәми 1 миллиард 512 миллион 732 мың сўмлық инвентарлар жеткерип берилди.
Сондай-ақ, гүз-қыс мәўсиминде оқыў ханаларында
жыллылықты тәмийинлеў мақсетинде режели
ислер әмелге асырылмақта. Билимлендириў мәкемелеринен 23 улыўма орта билим
бериў мектеплерине жәми 752 тонна жанылғыға (соннан 102 тонна көмир, 650 тонна
брикет) буйыртпа берилген болып, бугинги кунде билимлендириў мәкемелерине
тарқатылмақта.
Қурылыс-оңлаў
жумысларын сентябрь айына жуўмақлап, жаңа оқыў жылына пайдаланыўға тапсырыў
режелестирилген.
Быйыл районда
жәми 2868 оқыўшы ана мектепке туңғыш
қәдемлерин таслайды. Олар келешекте мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын өз үлеслерин
қосады деп, исенемиз.
Қоңырат районы
ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети