Инсан ресурсларын раўажландырыў – бул жумыс процеси нәтийжелигин арттырыў ушын хызметкерлердиң билим ҳәм көнликпелерин асыратуғын оқытыў усылларын жетилистириў, түрли тренинглер, семинарлар ҳәм маманлығын арттырыў курсларын шөлкемлестириў жəне тараўға турақлы түрде инвестициялар киргизиў арқалы алынатуғын пайда болып табылады.
Жәҳән банки ҳәм Бирлескен
Миллетлер Шөлкеминиң раўажланыў бағдарламасының берген мағлыўматларына қарағанда,
ҳәзирде дүньяда материаллық байлықлар 16 процентти, тәбийғый байлықлар 20 процентти,
ал инсан капиталы 64 процентти қурайды.
Әмелге
асырылған изертлеўлерге қарағанда инсан капиталына киргизилген инвестициялардан
алынған пайда техникаға киргизилген инвестицияларға қараганда 3 есе көп
екенлиги анықланған.
Жәҳәнниң
раўажланған мәмлекетлери тәжрийбеси соны көрсетпекте, ҳәзирде инновациялық
экономиканы қарар таптырыўда инсан капиталынан үнемли пайдаланыў, оған үлкен
муғдарда инвестициялар киргизиўди талап етпекте, яғный инсан капиталына бағдарланған
қаржылар басқа да факторларға қарағанда өзин ақламақда.
Егер инсан ресурсларын раўажландырыў тараўындағы дүнья тәжрийбесин алып
қарайтуғын болсақ, раўажланған мәмлекетлердиң бири болған Японияда 300 ден артық жумысшыға ийе болған компаниялардың 80 проценттен асламы
кадрларды қайта оқытыў системасында «жумыс үстинде таярлаў » (on-the-job training) методынан
пайдаланады.
Бул методға көре, жумысшыларға
жүкленген ўазыйпалар дәслеп тәжрийбели қәниге тәрепинен түсиндирилип, әмелиятта
ислеп көрсетип береди ҳәм кейин таза жумысшының өзи бул ўазыйпаны еркин түрде тиккелей
өзи ислеп, оның нәтийжесине устаз қәниге баҳа берип барады.
Сондай-ақ, япон корпорацияларына кириўде таза жумысшылар 6 айдан 12 айға
шекем шөлкемниң ҳәр бир бас офислеринде таярлықтан өтеди, нəтийжеде оларда ҳәр
бир бөлим бойынша улыўмалық билим ҳәм көникпелер пайда болады. Бул әмелият өз гезегинде
таза жумысшыларда тез масласыў, шөлкемниң улыўмалық ўазыйпалары ҳәм алдына
қойған стратегиялық мақсетлерин түсинип жетиўине алып келеди. Жумысшыларды хошаметлеўде
олардың маманлығын сертификатлаў системасынан пайдаланады, бул хызметкердиң
қайсы тараўда тәжрийбеге ийе екенлигин көрсетип береди.
Өзбекстан
Республикасында ҳәм соңғы үш жыллықда барлық тараўларда болып атырғаны сыяқлы
инсан ресурсларын ҳәм кадрлар потенциалын раўажландырыў саласында үлкен
өзгерислер жүз бермекте.
Атап
айтқанда, Өзбекстан
Республикасы Президентиниң 03.10.2019-жылдағы “Өзбекстан
Республикасында кадрлар сиясаты ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасын
түп тийкарынан жетилистириў илажлары ҳақкында”ғы ПП-5843-санлы Пәрманына тийкар
мәмлекетимизде кадрлар сиясаты бойынша арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик орган болған
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў
агентлиги шөлкемлестирилды ҳәм Өзбекстан
Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы
Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги жумысын шөлкемлестириў илажлары
хаққында”ғы ПҚ-4472-санлы қарары менен бул Агентликтиң структурасы ҳәм алдына
қойылган тийкарғы ўазыйпалары белгилеп берилди.
Жоқарыдағы нызам
ҳүжжетлерине муўапық, Агентлик қурамында Инсан ресурслары ҳәм кадрлар
потенциалын раўажландырыў Департаменти, оның аймақлық филиалларында болса инсан
ресурслары ҳәм кадрлар потенциалын раўажландырыў бөлимлери шөлкемлестирилип,
оларға инсан ресурсларын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар жүкленди, ягный
инсан ресурсларын ҳәм кадрлар потенциалын раўажландырыўдың инновациялық
усылларын үйрениў хәм әмелиятқа енгизиў,
кадрлардың профессионал дәрежесин (тараўға байланыслы ҳәм жоқары
маманлықтағы қәнигелер қантасында) турақлы түрде асырып барыўды шөлкемлестириў,
сол тийкарда шет еллерде, мәмлекетлик пуқаралық
хизметкеринде жоқары кәсип этикасы, коррупцияга қарсы гүресиў мәдениятын
қәлиплестириў, мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлердеги руўхый әдеп-икрамлылық ҳалатын үйренип барыў, мийнет
топарындағы орталықтың жаманласыўына мүкиншилик берген себеплер ҳәм шарайтларды анықлаў, оларды сапластырыў бойынша
усыныслар ислеп шығыў, кадрлардың мийнет потенциалын турақлы раўажландырыў ҳәм оны
толық иске салыў тийкарында мәмлекет
органлары ҳәм уйымлардың мақсетлерине ерисиўинде хәр бир хызметкердиң жеке
үлесин арттырыўға комеклесиў, мәмлекетлик пуқаралық хызметине талантлы жаслар
арасынан келешек кадрларының резервин қәлиплестирип барыў жəне басқа да ўазыйпалар
жүкленди.
Ҳәзирги кунде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў
агентлигиниң
Қарақалпақстан Республикасы филиалы тарепиненде инсан ресурсларын ҳәм кадрлар потенциалын раўажландырыў бойынша бир
қанша ислер әмелге асырылмақда.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, қала
ҳәм район ҳәкимиятларында жумыс ислеп атырған 480 ге жақын басқарыў кадрларының
сиясий-ҳуқықый,
экономикалық, мəлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм мәнәўият тараўындағы билим
дәрежесин анықлаў, олардың психологиялық портретин жаратыў мақсетинде “Мәмлекет хызметшилерин сынақтан өткериў модулы”
арнаўлы тест системасы арқалы тестден өткерилип, хызметкерлердиң
тийисли бағдарларда билим дәрежеси анықланып, оларға психологиялық баҳалар
берилди.
Сондай-ақ, Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен мәмлекетлик пукаралық хызметине қәбилетли жаслар арасынан келешек кадрларының резервин жетилистирип барыў мақсетинде республикадағы жоқарғы оқыў орынларында билим алып атырған халықаралық, республикалық пән олимпиадалары ҳәм басқа да таңлаў жеңипазлары, мәмлекетлик стипендиясы ийелери ҳәм үлгили баҳаларға оқып атырған студентлер бойынша мағлыўматлар базасы жаратылып, ҳәзирде бул бойынша ислер даўам еттирилмекте.
Буннан тысқары,
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги системасында басқарыў
кадрларының потенциалын моделлестириў бойынша Қаракалпақстан Республикасы Аўыл
хожалығы министрлигиниң орайлық аппаратындағы баскарыў кадрлары ҳәмде район
аўыл хожалығы бөлимлериниң басшылары арасында аноним тәриздеги социаллық
сораўнама өткерилди ҳәм ҳəзирги күнде сораўнама нәтийжелери анализленбекте.
Соның менен
бирге, филиал тәрепинен мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәмде республикадағы
тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердеги басқарыў кадрларының кейинги 3
жыл даўамында маманлығын артырыў бойынша
әмелге асырылған жумыслар анализленип, мәмлекетлик пукаралық хызметкерлердиң
маманлығын системалы түрде асырып барыў илажлары
көрилмекте.
Жуўмақлап
айтқанда, мәмлекетимиз Президенти Ш. Мирзиёевтың атап өткениндей “Бүгин
турмыстың өзи бизден профессионал, тез ҳәм нәтийжели мәмлекет хызмети
системасын кәлиплестириўди, жаңаша пикирлейтуғын, баслама менен шыға алатуғын,
елге садық кадрларға кең жол ашып бериў бойынша нәтийжели система ислеп
шығарыўды талап етпекте.
Сол себебли
мәмлекетимизде шет ел тәжрийбесинен келип шыққан ҳалда инсан ресурсларын раўажландырыўға
инвестициялар киргизиў, бул арқалы маман кадрларды жетисип шығыўын ҳәм мəмлекетлик
шөлкемлерде ис өнимдарлығын артырыў арқалы халкымызға сыпатлы хызмет көрсетиў илажларын
әмелге асырыў лазым. Бул өз гезегинде жәмийетимизде инсан ресурсларынын раўажланып,
билимлендириў системасы, социаллық инфраструктура,
денсаўлықты сақлаў тараўларының раўажланыўына ҳәм халқаралққ майданда
мәмлекетимиз имиджиниң жоқарылаўына алып келеди.
Өзбекстан
Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги
Қарақалпақстан
Республикасы филиалы бас инспекторы
К.Сеитниязов