Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларында әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумыслар үйренилди.
Министрликтиң мәлимлеме хызмети тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, илаж барысында райондағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары менен ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўларда министрлик жумысын дурыс жолға қойыўда жергиликли пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлери алдында турған ўазыйпаларға кең түрде тоқтап, системаны еледе жақсылаў бойынша қәнигелерге тапсырмалар берилди. Ушырасыўларда 15-августтен баслап карантин илажлары жеңиллетилгени менен арқайынлыққа берилмей, карантин қағыйдаларына толық әмел етиў бойынша пуқаралар арасында үгит-нәсият жумысларын еле де күшейтиў керек екенлиги айрықша атап өтилди.
Сондай-ақ, ҳәр бир жыйын аймағында «Жанажан журтым абатлығына өз үлесимди қосаман» сүрени тийкарында «Абат шаңарақ», «Абат көше», «Абат мәҳәлле» ҳәрекети шеңберинде әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумысларының барысы менен танысты.
Ислениўи тийис болған ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги