Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими, «Қарақалпақфильм» киностудиясы мәмлекетлик кәрханасы, Өзбекстан Көркем академиясының Қарақалпақстан бөлими, «Тасвирий ойина» дөретиўшилик аўкамының Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясы елимиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығына бағышланған «ЕҢ УЛЛЫ, ЕҢ ӘЗИЗ» дәстүрий таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышын жәриялады.
Таңлаўға
«Сен – қүдирет дәреги, бахыт мәкәны,
жанажан Өзбекстаным!» деген бас идеяны өзинде жәмлеген ҳәм 2017-2021-жыллары
Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша ҳәрекетлер
стратегиясы және «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» Мәмлекетлик
бағдарламасы шеңберинде елимизди ҳәр тәреплеме абат етиў, оның экономикалық қүдиретин
әмелге асырылып атырған реформаларды, Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигиндеги
статусы ҳәм абырайының артып атырғаны, пандемия шараятында да мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик
турмысындағы өзгерислер избе-из даўам етип атырғанын турмыслық мысаллар ҳәм
илимий тийкарланған таллаўлар тийкарында әдил жарытыўшы дөретиўшилик шығармалар
қабыл етиледи.
«Ең
уллы, ең әзиз» дәстүрий таңлаўы төмендеги номинациялар бойынша өткериледи:
- жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары;
- баспа ҒХҚ хызметкерлериниң
журналистлик жумыслары;
- ғалаба хабар қуралы сыпатында
дизимге алынған веб-сайтлардағы интернет-журналистика материаллары;
- телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң
материаллары;
- сүўретлеў өнери, фото шығармалары ҳәм
дизайн жумыслары;
- кино көркем өнериниң шығармалары.
Таңлаўға
2019-жылдың 15-августынан 2020-жылдың 15-августына шекем болған дәўирде рәсмий
басып шығарылған әдебий-көркем шығармалар, газета-журналлар ҳәм интернет
басылымларында жәрияланған мақалалар, радио ҳәм телеканалларда эфирге қойылған
материаллар, көрсетилген сүўретлеў өнери
ҳәм кино көркем өнериниң шығармалары усы жылдың 1-сентябрьге шекем қабыл
етиледи.
Таңлаў
жеңимпазлары 2020-жылдың сентябрь айында сыйлықланады ҳәм олардың дизими баспасөзде
жәрияланады.
Коронавирус
пандемиясы себепли карантин қағыйдаларынан келип шығып, таңлаўға жиберилетуғын
дөретиўшилик жумыслар онлайн түрде қабыл етиледи.
Қатнасыўшылар
(автор ҳәм оның профессионаллық жумысы ҳаққында қысқаша мағлыўмат; паспорт нусқасы;
манзил ҳәм байланысыў телефонларын қосымша еткен ҳалда) өз дөретиўшилик
жумысларын «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўына деп (номинация бағдарын) көрсеткен
ҳалда төмендеги түрде ҳәм форматларда qr_maa@mail.ru электрон
почтасына ямаса xabar-baspasoz@exat.uz мәнзилине
жибериўи тийис:
-
жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары, баспа, ҒХҚ хызметкерлериниң
журналистлик жумыслары pdf форматта;
- ғалаба хабар қуралы сыпатында
дизимге алынған веб-сайтлардағы интернет-журналистика материалларының силтемелери (ссылка) көрсетилген ҳалда;
- сүўретлеў өнери, фото шығармалары
дизайн жумыслары JPG
фотматта;
- кинокөркем шығармаларының AVI форматтағы google
disk, yandex disk ямаса
басқа вертуал ресурсларға жүкленип, силтемеси жибериледи (бул дәрек 30 күн даўамында
ислеп турыўы зәрүр);
- телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң
материаллары mpқ және AV8 форматта google
disk, yandex disk ямаса
басқа виртуал ресурсларға жүкленип силтемеси жибериледи (бул силтеме 30 күн даўамында
ислеп турыўы зәрүр).
Еслетпе: жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары бир
китаптан, кино көркем өнериниң шығармалары бир толық метражлы киношығармадан
баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң материаллары, сүўретлеў
өнери, фото шығармалары ҳәм дизайн жумыслары үшеўден аз болмаўы зәрүр.
Қосымша
мағлыўмат алыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ғалаба коммуникациялар
басқармасының (61) 222-84-73 телефон номерине мүрәжат етиў мүмкин.