22.12.2024, Екшемби

Аўыл хожалығы министрлиги басшы-хызметкерлери менен сораўнама өткерилди

Бүгин Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-октябрдеги “Ɵзбекстан Республикасында кадрлар сиясаты ҳəм мəмлекетлик пуқаралық хызмети системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ПП-5843-санлы пəрманында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик  хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақпақстан Республикасы филиалы тəрепинен бириншилер қатарында Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги орайлық аппараты ҳәм оның районлық бөлимлериндеги басшы хызметкерлери менен социаллық (аноним) сораўнама өткерилди.



Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги орайлық аппараты ҳәм оның районлық бөлимлериндеги басшы хызметкерлери менен «Басқарыў кадрлары потенциалын моделлестириў» сораўнамасы ҳәм оның сапасы бойынша өткерилген анализ тийкарында əмелге асырылмақта.


  Бүгинги сораўнаманы өткериўде тийкарынан басшы кадрлардың потенциаллық билимин жетилистириў, басшы менен хызметкерлердиң өз-ара мүнәсибетлери, басшылардың хызметкерлер менен бирге ислесиўде көбирек ўақыт ажыратыўы, басшылардың шөлкемлестириўшилик қәбилети ҳəм кадрлар көнликпелери  бойынша пикирлер алмасылды.


Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен Республикамыздағы министрликлер системасындағы  басшы-хызметкерлери менен усы тийкардағы анализ ҳəм сораўнамларды өткериў илажлары даўам етпекте.

 

Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети