Абдижамилов Жолдасбай Зинатдинович – 2020-жылдың 17-август сəнесинен баслап Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының туризм ҳəм спортты раўажландырыў мəселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымына тайынланды.
Абдижамилов
Жолдасбай Зинатдинович – өз мийнет
жолы даўамында Ɵзбекстан Республикасы “Камолот” жаслар жəмийетлик ҳəрекети
Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң баслығы, Ɵзбекстан Республикасы Олий
Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты ҳəм усы күнге шекем Қарақалпақстан
Республикасы Мəденият министриниң орынбасары лаўазымында жумыс алып барды.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баспасөз хызмети