22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң алтыншы сессиясы болып өтти


Усы жыл 18-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң алтыншы сессиясы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық Палатасы, қала ҳәм районлар менен видеоконференц байланыс арқалы өткерилген сессияда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлары, Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, сектор басшылары ҳәмде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессия жумысын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов ашты ҳәм басқарып барды.

Атап өтилгениндей, дүнья халықларын қәўетерге салып атырған коронавирус пандемиясы бизиң елимизди де шетлеп өтпеди. Бул өз гезегинде елимиз экономикасына унамсыз тәсирин тийгизиў менен бирге, инсанларды өмирден алып кетиў жағдайлары да ушыраспақта.

Сессия қатнасыўшылары белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы М.Ерниязовты бир минутлық үнсизлик пенен еске алды.

Бәршемизге белгили, Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында усы жылдың 12-август күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде халыққа көрсетилип атырған медициналық-санитариялық хызметлер сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, бул бағдарда алып барылып атырған жумысларға айрықша жуўапкершилик пенен қараў бойынша денсаўлықты сақлаў системасындағы жуўапкер хызметкерлердиң халыққа мүрәжатын жоллаў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Сессияда сөзге шыққан Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикери Н. Исмоилов коронавирус пандемиясы қаншелли қыйын жағдайды жүзеге келтирмесин, дурыс жол тутылғанлығы себепли, елимиздиң социаллық-сиясий тараўларында әмелге асырылып атырған реформалар избе-из даўам еттирилгенин, барлық тараў ҳәм тармақ жумысы карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда алып барылғанлығын айрықша атап өтти ҳәмде өзиниң усынысларын билдирип өтти.

Билдирилген усынысларда халыққа өз ўақтында ҳәм жоқары сапалы бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетилиўин тәмийинлеў, исбилерменлик субъектлериниң нәтийжели жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, жәмийетлик орынларда, адамлар көп топланатуғын жерлерде, әсиресе, шаңарақлық илажлар, той-мерекелер өткериўде пуқаралардың санитария қағыйдаларына қатаң әмел етиўи үстинен жәмийетшилик ҳәм депутатлық қадағалаўды күшейтиў, депутатлар сайлаўшылар менен турақлы түрде ушырасыўлар өткерип, ғалаба хабар қураллары арқалы шығып сөйлеп, үгит-нәсият жумысларын алып барыў, қала ҳәм районлық денсаўлықты сақлаў бөлими басшыларының халыққа мүрәжатын қабыл етиў, пандемия дәўиринде жағдайдың өзгериўшеңлигин есапқа алған ҳалда, телемедицинаны раўажландырыў, усы арқалы халыққа тез медициналық жәрдем көрсетиў көлемин кеңейтиў, пуқаралардың үй шараятында даўаланыўы бойынша усыныслар ислеп шығыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтилди.

Сессия күн тәртибине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Қ.Қудайбергенов карантин талапларының басқышпа-басқыш жумсартып барылыўы мүнәсибети менен пуқаралардың санитариялық талапларға қатаң әмел етиўи зәрүрлиги, халыққа бирлемши медицина-санитариялық жәрдемниң өз ўақтында ҳәм жоқары сапалы көрсетилиўи бойынша министрликтиң халыққа мүрәжатын оқып еситтирди.

Депутатлар тәрепинен билдирилген пикир-усынысларды есапқа алған ҳалда мүрәжатты қабыл етиў бойынша қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы З.Реймова баянат жасады. Бул мәселе бойынша 48-санлы “Жиңишке” сайлаў округинен депутат Ш.Отемисов сөзге шықты ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан соң “Қарақалпақстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында”ғы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы мәкемелераралық комиссиясының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Ф.Алламбергеновтың есабаты тыңланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги 2020-жылдың I ярымында ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылықтың жағдайы ҳаққындағы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мамбеткадыровтың мәлимлемеси тыңланды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сондай-ақ, сессияда Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққындағы қарар қабыл етилди.

Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.