22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясының ашылыўы ҳаққында


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги алтыншы сессиясы 2020-жыл 18-август күни саат 11.00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси имаратының киши мәжилислер залында ашылады.

Видеоконференция тәризинде болып өтетуғын сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы студиясынан Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, қала ҳәм район ҳәкимликлери студиясынан тийисли депутатлар ҳәмде жуўапкер басшылар қатнасыўы күтилмекте.

Сессияда төмендеги мәселелер қарап шығылады:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң «Карантин талапларының басқышпа-басқыш жумсартып барылыўы мүнәсибети менен пуқаралардың санитариялық талапларға қатаң әмел етиўи зәрүрлиги, халыққа бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемниң өз ўақтында ҳәм жоқары сапалы көрсетилиўи бойынша» халыққа мүрәжаты туўралы
  2. «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы
  3. «Қарақалпакстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында» Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы мәкемелераралық комиссиясы баслығының есабаты туўралы
  4. «2020-жылдың I ярымында ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылықтың жағдайы ҳаққында» Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң мәлимлемеси туўралы

5. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў туўралы