Бүгин Нөкис олимпия ҳəм миллий спорт мектебинде коронавирус инфекциясын жуқтырып алыўда гүман етилген наўқасларды емлеў мақсетинде шөлкемлестирилген диагностика, бөлистириў ҳəм емлеў орайы өз жумысын баслады.
Усы мүнəсибет болып өткен илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Эпидемиология, микробиология ҳəм жуқпалы кеселликлер илимий тексериў институның директоры Б.Таджиев, Арқа-батыс əскерий округи, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги сыяқлы тийисли тараў басшылары, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўəкиллери қатнасты.
Онда Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов шығып сөйлеп, Республикамызда коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў бағдарында алып барылып атырған көлемли жумыслар, соның ишинде, халқымызға үзликсиз ҳәм сапалы медициналық жәрдем көрсетиў жолындағы айрықша илажлар ҳаққында сөз етти ҳəм орай хызметкерлериниң машақатлы ҳəм ийгиликли ислерине табыс тиледи.
Атап өтилгениндей, 390 наўқасларды қабыл етиў мүмкиншилигине ийе болған орайда наўқаслар ушын барлық шараятлар жаратылыған. Орай медициналық аспаблар ҳəм дəри-дəрмақлар менен толық тəмийинленип, емлеў орайына тəжирийбели шыпакерлер менен мийирбийкелер бириктирилген.
Жəне бир əҳмийетли тəрепи сонда, бөлистириў ҳəм емлеў орайының қəўипсизлигин сақлаў мақсетинде объект жанынан қосымша түрде Оператив штаб шөлкемлестирилген болып, штаб тəрепинен орайға наўқасларды қабыллаў ҳəм оларды емлеў процеси видеобақлаў арқалы турақлы қадағалаўға алынған. Сондай-ақ, усы штаб арқалы Ташкент қаласы орайлық штабы менен тиккелей видеоконференция усылында байланысыў, яғный медициналық мəслəҳəтлер алыў имканияты жаратылған.
Бөлистириў ҳəм емлеў орайы бүгинниң өзинде наўқасларды қабыллап баслады.
Министрлер
Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети