Бүгин Нөкис қаласы орайлық дийқан базарында “Мўйноқ келажаги бунёдкорлари” жуўапкершилиги шекленген жəмийети жаслары тəрепинен жетистирилген палыз егинлериниң ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Ярмаркада тек ғана Мойнақ районы емес ал, Тахтакөпир, Беруний, Әмиўдəрья ҳəм Нөкис районларының жас дийқан жигит-қызлары да өзлери жетистирген қаўын, ғарбыз, картошка, пияз ҳəм помидор сыяқлы палыз егинлери менен белсенди қатнасты.
Әҳмийетлиси, өнимлер тутыныўшыларға қолайлы түрде, яғный арзан баҳаларда сатылмақта.
Ɵзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы берген мағлыўматқа көре, Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-февралдағы 81-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Мўйноқ келажаги бунёдкорлари” жуўапкершилиги шекленген жəмийетине ажыратылған жер майданларын жумыссыз жасларға бериў арқалы бүгинги күнде 1044 жаслардың бəнтлиги тəмийинленип, наўқыран дийқан жаслар тəрепинен 4466 гектар майданға егинлер егилди.
Ярмарка 2020-жылдың 16-август сəнесине шекем даўам етеди.
Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме
хызмети
👉
Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi