22.12.2024, Екшемби

Пайтахтымызда жаңа базар шөлкемлестирилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қаҳраман Сариевтиң басламасы менен халқымызға буннан былай да қолайлық жаратыў, соның ишинде олардың қурылыс материалларына болған талабын қанаатландырыў мақсетинде Нөкис қалалық саўда комплекси жанынан жаңа “Қурылыс материаллары” базары шөлкемлестирилмекте.



Демек буннан былай тутыныўшы халқымыз усы орында шөлкемлестирилген базардан қурылыс материаллларын сатып алыўы мүмкин.

Нөкис қалалық саўда комплекси əтирапында қурылыс материалллары базарын жайластырыў ушын бос орынлар жеткиликли болып əйне пайытта усы майданға өз өнимлери менен келген исбилерменлер избе-из жайластырылмақта.  

Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, бүгинги бир күнниң өзинде саўда орнына көпшилик ағаш өнимлери саўдасы менен шуғылланыўшы исбилерменлер келип жайласты ҳəм жаңа базардан бир неше күнниң ишинде қурылыста пайдаланатуғын басқа да зəрүрли буйымлардың орын алыўы күтилмекте.

 

Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети

 

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi