22.12.2024, Екшемби

Cаўда комплекси ҳəм айырым транспорт түрлериниң ҳəрекетлениўи рухсат етилмекте

Нөкис қалалық саўда комплексиниң қала орайынан санитария-эпидемиологиялық жақтан қəўипсиз орында жайласқанын ҳəм объектте социаллық аралықты сақлаў мүмкиншили барлығын есапқа алып, əҳмийетлиси, халқымызға буннан былай да қолайлықлар жаратыў мақсетинде 2020-жылдың 10-август сәнесинен баслап усы саўда комплексиниң жумысына  карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда рухсат етилмекте.



Бул ҳаққында бүгин Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының арнаўлы баянламасы қабыл етилди.

Баянлама менен сондай-ақ, жолаўшы тасыўшы айырым транспорт түрлерине де руқсат етилмекте.

 Бунда Нөкис қалалық саўда комплексине пуқаралардың келип кетиўи ушын жолаўшы тасыўшы жумысы менен шуғылланыў лицензиясына ийе болған жөнелиссиз таксилердиң күн даўамында ҳәрекетлениўине төмендеги қағыйдалар тийкарында  рухсат етиледи:

-автотранпорт салонындағы автотранспорт басқарыўшысы менен жолаўшылардың арасы пластикалық ямаса арнаўлы пленка менен тосылған болыўы;

-автотранспорт басқарыўшысы өзинен тысқары артқы орынлықта тек 
2 жолаўшыны тасыўы;

-басқарыўшы менен жолаўшы медициналық нықапта болыўы (медициналық нықапсыз жолаўшыны тасыў қадаған етиледи)

-жолаўшылар автотранспорттың арқа орынлығында отырыўы шәрт.

 Сондай-ақ, саўда комплексине халқымызды қəўипсиз түрде  тасыў ушын санитариялық талапларға әмел еткен ҳалда автобуслардың қатнаўын жолға қойыў режелестирилген.

 

Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети

 

👉 Телеграм каналымызга ағза болыў - https://t.me/QRMinistlerKenesi