Бүгин Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қаҳраман Сариев пайтахтымыздың қубласында
жайласқан Нөкис қалалық саўда комплексинде болып, орындағы абаданластырыў
жумыслары менен жақыннан танысты ҳəм тийисли жуўапкерлерге комплекс əтирапында
халқымыз ушын еле де қолайлық жаратыў бойынша тапсырмалар берди.
Оған көре биринши гезекте саўда комплексиниң алдынғы тəрепиндеги автотранспортлардың турыў орынларында жолаўшылар ҳəм транспорт басқарыўшылары ушын қолайлық жаратыў мақсетинде асфальтлаў жумысларының алып барылыўы белгилеп алынды.
Ҳəзирги ўақытта оңлаў жумысларын алып барыў бойынша шөлкемлестириў жумыслары баслап жиберилди.
Министрлер
Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети
👉 Телеграм каналымызга ағза болыў - https://t.me/QRMinistlerKenesi