Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Елимизде халыққа көрсетилип атырған социаллық хызметлер ҳәм жәрдемниң мәнзиллилигин буннан былай да арттырыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта, халықты социаллық қорғаў тәртип-қағыйдалары басқышпа-басқыш санластырылмақта.

Атап айтқанда, дүньяда болып атырған коронавирус пандемиясы халықтың жәрдемге мүтәж бөлегин қысқа мүддетлерде анықлаў ҳәм оларды мәмлекет тәрепинен мәнзилли қоллап-қуўатлаўдың ашық-айдын ҳәм нәтийжели инструментлери болыўын талап етпекте.

Соның менен бирге, бул тараўда зәрүр уйымлық мәлимлеме системалары, электрон ресурс ҳәм мағлыўматлар базаларының жоқ екенлиги қағазда жумыс ислеўден ўаз кешиў, мәмлекетлик социаллық хызмет ямаса жәрдем көрсетиў ўақтын азайтыў имканиятын бермей атыр.

Халықты социаллық қорғаў системасына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, халықтың социаллық жақтан әззи қатламларына мәмлекетлик социаллық хызметлерди ҳәм жәрдем көрсетиўдиң  бирден-бир системасын жаратыў мақсетинде:

  1. 1. Төмендегилер мағлыўмат ушын қабл етилсин:

2019-жылдың 1-октябринен Сырдәрья ўәлаятында тәжирийбе жойбары шеңберинде бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша напақа, 14 жасқа шекем балалары болған шаңарақларға напақалар ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем (кейинги орынларда – социаллық напақалар) тайынлаўды көрип шығыў ҳәм белгилеў тәртип-қағыйдалары «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылмақта;

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасын ислеп шығыў ҳәм енгизиў ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасы уйымы гранты тийкарында берилетуғын финанслық, техникалық ҳәм эксперт жәрдеми тийкарында әмелге асырылмақта;

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасын республика бойлап енгизиў ушын компьютер үскенелерин ҳәм периферия қурылмаларын сатып алыў Жәҳән банкиниң жеңиллетилген кредити есабынан әмелге асырылады;

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасының ийеси ҳәм пайдаланыўшысы Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры болып есапланады.

  1. 2. 2020-жылдың 1-сентябринен баслап, социаллық напақаларды тайынлаў ҳаққындағы шағымларды көрип шығыў ҳәм оларды тайынлаў 1-қосымшаға муўапық басқышпа-басқыш «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы жәрдеминде әмелге асырылатуғыны;

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы «Электрон ҳүкимет» системасының қурамлық бөлеги болып есапланатуғыны;

Физикалық тәрептиң жеке идентификация саны (кейинги орынларда – жеке идентификация саны) «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында физикалық тәрептиң идентификаторы болып есапланатуғыны;

мәмлекетлик социаллық хызметлерди ямаса жәрдем көрсетиў шеңберинде мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң электрон бирге ислесиў «электрон ҳүкимет» системасы уйымлараралық интеграциялық платформасы арқалы әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. 3. «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасын енгизиўдиң тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленсин:

уйымлараралық электрон бирге ислесиўди қолланыў қуралында өз-ара ҳүжжет алмасыў процесин автоматластырыў арқалы мәмлекетлик социаллық хызметлерди ҳәм жәрдем көрсетиў ушын зәрүр болған мағлыўматнама ҳәм тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер санын түп-тийкарынан қысқартыў;

белгиленген нормаларға муўапық кем тәмийинленген шаңарақлардың жәрдемге мүтәжлик дәрежесин объективлик баҳалаў, мәмлекетлик социаллық хызметлерди ҳәм жәрдем көрсетиў процесслерин автоматластырыў арқалы қарарларды қабыл етиўде субъективлик қатнасты сапластырыў;

халықтың жәрдемге мүтәж категориясы қурамының өзгериўи динамикасы мониторингин ҳәм таллаўын жүргизиў, оларды баҳалаў нормаларын республика ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын есапқа алған ҳалда жетилистириў;

мәмлекетлик социаллық хызметлер ҳәм социаллық жәрдем алыўшылардың турақлы жаңаланып туратуғын бирден-бир мағлыўмат базасын қәлиплестириў;

мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң өзлерине жүкленген ўзыйпалары ҳәм функцияларын орынлаўда хызметлерди бийпул ямаса жеңиллетилген тийкарда усыныўы ушын мағлыўмат пенен тәмийинлеў.

  1. 4. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

2021-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик социаллық хызметлерин ҳәм жәрдемин көрсетиўде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен 2-қосымшада нәзерде тутылған ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматлар пуқаралардан талап етилиўине жол қойылмайды;

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген деп тән алынған шахслар ямаса шаңарақлар қосымша ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматларды бермей 3-қосымшаға муўапық хызметлер ҳәм жеңилликлерди алыўға ҳақылы болып есапланады;

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген деп тән алынғаны ҳаққында мағлыўматнама бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы бериледи ҳәм он еки ай даўамында әмел етеди.

  1. 5. «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар мәлимлеме системалары арасында өз-ара электрон бирге ислесиўди буннан былай да жақсылаў ҳәм кеңейтиў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Бағдарламаның орынланыўы үстинен турақлы мониторинг орнатсын ҳәм илажларды орынлаў мүддетлериниң бузылыўына жол қойған лаўазымлы шахсларға жуўапкершилик илажларын көриў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизип барсын.

  1. 6. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң министрлик жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорына, оның аймақлық бөлимлери ҳәм районлық(қалалық) бөлимлерине «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасының енгизилиўин ҳәм жумыс ислеўин тәмийинлеў ушын 5-қосымшаға муўапық Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржалары есабынан сақланатуғын штат бирликлерин ажыратыў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.

Усы қарардың 5-қосымшасында көрсетилген штат бирликлериниң:

200 и мийнет уйымларының инспекторлар ҳәм қәнигелериниң штат бирликлери;

125 и Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги системасының штат бирликлери;

100 и Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары штат бирликлериниң оптималластырылыўы есабынан ажыратылатуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының атқарыўшы аппаратында тастыйықланған штат бирликлери шеңберинде пуқаралардың «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы социаллық напақаларды тайынлаўға байланыслы мүрәжатларын ҳәм шағымларын қабыл етиў бойынша селекторы коллегиясы шөлкемлестирилсин.

  1. 7. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги 2021-жылдың 1-январына шекем «ПҲАЖ дың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасында пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымлары (кейинги орынларда-ПҲАЖ уйымлары) архивлеринде қағаз тасыўшыларда сақланып атырған ҳүжжетлердиң электрон базаларының қәлиплестирилиўин тәмийинлесин.

Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги  2020-жыл 1-сентябрьге шекем ПҲАЖ уйымларының архивлеринде сақланатуғын ҳүжжетлер электрон мағлыўматлар базаларын қәлиплестириў ушын зәрүр болатуғын қосымша хызметкерлерди ўақтынша жумысқа тартыў ҳәм оларды жайластырыў илажларын көрсин, олады зәрүр болған компьютер ҳәм басқа да оргтехника қураллары, офис үскенелери, канцелярия товарлары, телефон ҳәм интернет байланысы менен тәмийинлесин, сондай-ақ, архив ҳүжжетлери менен ислесиў тәртибине қатаң әмел етилиўин қадағаласын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң тийкарланған есап-санақларына муўапық ПҲАЖ бөлимлериниң архивлеринде қағаз тасыўшыларда сақланатуғын ҳүжжетлердиң электрон мағлыўматлар базаларын қәлиплестириў, сондай-ақ, шәртнама тийкарында хызметкерлерди ўақтыншалық тартыў және зәрүр  компьютер ҳәм басқа да оргтехника қуралларын сатып алыў ушын Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети есабынан 30 миллиард сум қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.

Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги тәрепинен усы қарар шеңберинде компьютер ҳәм басқа да оргтехника қураллары, өз гезегинде, ең жақсы усынысларды сайлап алыў арқалы сатып алыныўы мүмкин екенлиги;

«ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасында ПҲАЖ уйымларының архивлеринде қағаз тасыўшыларда сақланатуғын ҳүжжетлердиң  электрон мағлыўматлар базаларын қәлиплестириў бойынша илажлар толық жуўмақланғаннан кейин, усы қарар шеңберинде сатып алынған компьютер ҳәм басқа да оргтехника қураллары Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң бөлистириўине муўапық тийисли районлық (қалалық) улыўма билим бериў мәкемелерине белгиленген тәртипте еркин өткерип берилетуғыны белгиленсин.

  1. 8. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги «Электрон ҳүкимет» системасының уйымлараралық интеграцияласқан платформасы арқалы «Социаллық қорғадың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы менен уйымлық мәлимлеме системалары ҳәм ресурслары арасында сапалы ҳәм толық мәлимлеме алмасыўын тәмийинлесин, бунда Қаржы министрлигине ҳәр тәреплеме, соның ишинде, зәрүр техникалық жәрдем берсин.
  2. 9. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте 2020-жылдың ақырына шекем Жәҳән банки менен биргеликте әмелге асырылып атырған «Өзбекстанда социаллық қорғаў системасын күшейтиў» жойбары шеңберинде «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасының толық ҳәм сапалы ислеўи ушын зәрүр болған серверлер, компьютер ҳәм басқа да техникалық қураллар, әсбап-үскенелерди сатып алыўды;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте басқышпа-басқыш «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасының функционаллық имканиятларын кеңейтиўди;

«ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасында арза бериўшиниң шаңарақ ағзаларының қурамын анықлаў функциясы енгизилгеннен соң «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы тәрепинен социаллық напақаларды тайынлаў ушын арзаларды электрон түрде онлайн режиминде қабыл етилиўин тәмийинлесин.

  1. 10. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки коммерциялық банклер менен биргеликте 2020-жыл 1-октябрьге шекем мағлыўматлар бериўдиң жасырын ҳәм жабық екенлигин тәмийинлеў тийкарында «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасына арза бериўшиҳәм оның шаңарақ ағзалары атына алынған пул өткизбелери ҳәм ашылған депозит есапбетлериндеги қалдықлары ҳаққындағы мағлыўматларды «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынғанда арза бериўшилер ҳәм олардың қарым-қатнасқа уқыплы шаңарақ ағзаларының келисими менен бериў имканиятын жаратыў усыныс етилсин.
  2. 11. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Қорғаныў санааты бойынша мәмлекетлик комитети өзлериниң ҳәм қурамындағы шөлкемлердиң хызметкерлери, олардың шаңарақ ағзалары (өмирлик жолдасы ҳәм балалары) тәрепинен социаллық напақалар ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлар ушын «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы арзалар бериўин шеклеў ҳәм олардың көрип шығылыўына жол қоймаў илажларын көрсин.
  3. 12. Жасырын.
  4. 13.Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги 2021-жыл 1-январьға шекем «ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасындағы пуқаралық ҳалаты актлерин жазыўларына пуқараларға тийисли болған жеке идентификация санын бириктириў арқалы арза бериўшиниң шаңарақ ағзалары қурамын анықлаў функциясының енгизилиўин тәмийинлесин.
  5. 14. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги және басқа да министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

бир ай мүддетте «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық напақа ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў және төлеў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин. Бунда, социаллық напақаларды тайынлаўда тийкарғы дәраматы салыстырмалы төмен болған шаңарақларға берилиўи нәзерде тутылсын;

еки ай мүддетте халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда халыққа мәмлекетлик социаллық хызметлер ҳәм жәрдем көрсетилиўиниң бирден-бир системасын енгизиў, социаллық напақаларды, хызметлерди ҳәм жәрдемди тайынлаўда тийкар етип алынатуғын мүтәжликти анықлаў нормаларын жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары қабыл етилген күнге шекем Сырдәрья ўәлаятының кем тәмийинленген шаңарақларына «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў менен төлеў тәртиби басқа аймақларға да енгизилсин.

  1. 15. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы усы қарардың мақсетин ҳәм ўазыйпаларын ғалаба хабар қуралларында ҳәм Интернет тармағында кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
  2. 16. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 4-август