Алдын хабар бергенимиздей, Ɵзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң тийисли бийлигине тийкар Қарақалпақстан Республикасындағы кем тəмийинленген, жəрдемге мүтəж шаңарақларға «Сақаўат ҳəм көмек» фондының аймақлық бөлими арқалы 10 миллиард сўмлық материаллық жəрдем белгиленди.
Бүгинги
күнде усы ажыратылған қаржылар Нөкис қаласы ҳəм районлар кесиминде ҳəр бир
шаңарақтың кем тəмийинленгенлик дəрежеси, яғный шаңарақ ағзаларының санынан
келип шыққан ҳалда төмендегише бөлистирилди:
Нөкис қаласы – 1 миллиард 697 миллион
сўм;
Әмиўдəрья районы – 721 миллион;
Беруний районы – 706 миллион сўм;
Бозатаў районы – 150 миллион сўм;
Қараөзек районы – 340 миллион сўм;
Кегейли районы – 625 миллион сўм;
Қоңырат районы – 829 миллион сўм;
Қанлыкөл районы – 422 миллион сўм;
Мойнақ районы – 289 миллион сўм;
Нөкис районы – 376 миллион сўм;
Тақыятас районы – 483 миллион сўм;
Тахтакөпир районы – 280 миллион сўм;
Төрткүл районы – 753 миллион сўм;
Хожели районы – 817 миллион сўм;
Шымбай районы – 630 миллион сўм;
Шоманай районы – 348 миллион сўм;
Елликқала районы – 534 миллион cўмлық жəрдем көрсетилди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, кем
тəмийинленген, жəрдемге мүтəж шаңарақларға буннан басқа да ҳəр бир район ҳəкимлиги,
4 сектор басшылары тəрепинен белгиленген тəртипте азық-аўқат өнимлери
тарқатылды ҳəм бул қайырқомлық илажлары еле де даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети
👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi