22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы баслығы Х.Бекчановтың халқымызға мүрәжаты

Пандемия дәўиринде халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар менен салық жеңилликлери ҳәм преференциялары белгилеп берилди.  



Атап айтқанда, Президентимиздиң ПП-5969-санлы Пәрманына муўапық жеке тәртиптеги исбилерменлердиң социаллық салықты 
50 процентке, улыўма аўқатланыў кәрханалары ушын алкоголь өнимлери ушын жыйымлар 25 процентке азайыўы нәтийжесинде 11 331 исбилерменлик субъектлериниң 11 431,1 млн. сумлық жеңиллик қолланылды.

Сондай-ақ, алкоголь өнимлериниң көтере  саўдасы менен шуғылланыўшы кәрханалардың ажыратпалары муғдары 5 проценттен 
3 процентке шекем азайтылыўы есабынан 37 исбилерменлик субъектлериниң 1 592,7 млн. сум өз ықтыярында қалыўы күтилмекте.

Аўыл хожалығы жерлерин суўғарыў ушын пайдаланылатуғын муғдарлар бойынша суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық ставкалары 2020-жылда орнатылған ставкалардан 50 процентке азайыўы есабынан 5197 исбилерменлик субъектлериниң 28,0 млрд. сум жеңиллик берилди.

Юридикалық шахслардың мал-мүлк, жер хәм суў салығы бойынша пенялар есапланыўы хәм салық қарызын мәжбүрий өндириўди тоқтатыў есабынан 2298 исбилерменлик субъектлериниң 10 936,4 млн. сум салық қарздарлықлары өндирилиўи тоқтатылды.

Буннан тысқары исбилерменлерди және де қоллап- қуўатлаў мақсетинде “Коронавирус пандемиясы дәўиринде халықты, экономикалық тармақлары хәм исбилерменлик субъектларин қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар хаққында”ғы ПП 5978-санлы Пәрманға муўапық:

-Мал мүлк хәм жер салығының асырылған ставкаларын қоллаўды хәм оларға есапланған пенялардың тоқтатылыўы нәтийжесинде 1029  исбилерменлик субъектлериниң 40 751,3 млн. сум салық есапланыўы тоқтатылды.

Усы жылдың ақырына шекем акциз салығының әмелдеги ставкалары сақланып қалыныўы есабынан 339  исбилерменлик субъектлериниң 21 979,0 млн. сум пул қаржылары өз ықтыярында қалды.

Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2020-жыл 1-июль ҳалатына жәми 88 кәрханалардың 3,7 млрд. сумлық салықларының төлеў мүддети узайтырылды.

Пандемия дәўиринде сондай-ақ,  “Ɵзбекстан Республикасы Коронавирус пандемиясы дәўиринде халықты хәм исбилерменлик субъектларин қоллап-қуўатлаў бойынша нәўбеттеги илажлар хаққында”ғы ПП 5996 санлы Пәрманы бойынша;

- 2020-жыл 15-майғга шекемги салықлар, пенялар хәм салық нызамшылығын бузғанлығын ушын есапланған жәриймалар бойынша бар болған қарздарлықты өндириў 2020-жыл 1-сентябрьге шекем тоқтатылыўы есабынан 4768 микрофирма хәм киши кәрханалардың есап бетине қойылған 62 505,7 млн. сум инкассо тапсырықнамалары қайтарып алыныўы нәтийжесинде банк есап бетлеринде еркин пул қаржылары айланысын әмелге асырыў имканияты жаратылды.

Пандемия дәўиринде жумысын ўақытша тоқтатыўға мәжбүр болған Республикада дизимге алынған 33 мың исбилерменлик субъектлеринен 6,5 мыңы (19,7 процент) (соннан 4,5 мыңы ЖТИ) пандемия дәўиринде жумысын тоқтатыўға мәжбүр болған еди.

Лекин алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде, исбилерменлик субъектлери пандемия ўақтында карантин қағыйдаларына әмел қылған ҳалда 5 мың 432 и (соннан 3526 и ЖТИ) жумысын тикледи. Ҳәзирде 864 жумыс жүритпей атырған исбилерменлик субьектлериниң жумысын карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда тиклеў шаралары көрилмекте.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 8-июньдағы “Исбилерменлик жумысын ҳәм өзин өзи бәнт қылыўды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4742-санлы қарары елимизде әҳмийетли тарийхый өзгерислер дәўирин баслап берди.

Қарар менен  өзин өзи бәнт қылған шахсларды әпиўайыластырылған тәртипте дизимнен өткериў тәртиби әмелге енгизилди. Бул қарар өз нәўбетинде пуқараларға қолайлықлар жаратып, кең имканият ҳәм жеңилликлер жаратылды.

Бириншиден, олар шуғылланыўы мүмкин болған жумыс түрлери 23 тен 67 ге кеңейтилди.

Екиншиден, ендиликте рәсмий болмаған секторда бәнт болған пуқараларымыздың жумысы легалластырылады. (респ. халық саны 1922,7 мың, соннан, экономикалық белсенди халық 792,9 мың, жумысқа жайластырыўға мүтәж шахслар саны 74,9 мың)

Үшиншиден, мобил қосымша арқалы дизимнен өтиў бийпул әмелге асырылады.

Дизимнен өтиўдиң 2 усылы бар.

1-пуқараның жеке кабинети арқалы. Бунда пуқараның ЭРИ (ЭСИ) лазым болады.

2-мобил қосымша арқалы. Буның ушын Play Market тен “Soliq” мобил қосымшасын жүклеп алыў лазым болады).

Алдынғы тәртиплерден (МК ниң 09.07.2019-ж. 566-санлы қарарына муўапық) бир айға 111,5 мың сум, 3 айға 312 мың сум, 6 айға 580 мың сум, 9 айға 825 мың сум, 12 айға ямаса 1 жығга 1 млн. сум төлем өндирилетуғын еди. Усы төленген қаржының 60 проценти бюджеттен тысқары Пенсия қорына, 20 проценти Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорына ҳәм 20 проценти районлар, қала бюджетине жөнелтирилетуғын еди.

Төртиншиден, өзин өзи  бәнт еткен пуқаралар 111,5 мын сум (бюджеттен тысқары пенсия қорына) социаллық салықларды төлеўи 6 айлық ис стажы есапланады ҳәм пенсияға шыққанда пенсия муғдары тайынлаўда есапқа алынады. Егер олар рәсмий болмаған секторда ислеп келгенлеринде оларға ең кем муғдардағы пенсия (223 мың сум) тайынланатуғын еди.

7 жыл мийнет стажынаийе болған ер адамлар 60 жастанҳәмҳаяллар 55 жастан жас бойынша пенсияға шығыў ҳуқықына ийе.

Мийнет стажына ийе болмаған ер адамларға 65 жастан ҳәмҳаялларға 60 жастан напақа тайынланады.

Бул қарарға муўапық, пуқараларды есапқа алыўды басладық, бизде дәслепки есап-китапларға көре 67 жумыс түри бойынша республикамыз бойынша 16891 пуқараны дизимнен өткериўди реже қылып алдық.

Бул жөнелисте жумысларды әмелге асырыў ушын жергиликли салық инспекцияларынан 116, пенсия бөлими хәм мийнет бөлимлеринен 34  хызметкерлер бириктирилди.

Бүгинги күнде, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 7042 (22.07.20 ж. ҳалаты) пуқараларды есапқа алыныўы тәмийинленди.

Соннан, 1843 хызмет көрсетиў, 1312 халық тутыныў буйымлары ислеп шығарыў ҳәм хызметлер көрсетиў, 1702 аўыл хожалығы жөнелиси бойынша хызметлер, 1163 санаат жөнелиси бойынша хызметлер, 953 социаллық жөнелислер бойынша хызметлер ҳәм 69 мәлимлеме коммуникация жөнелиси бойынша хызметлер менен шуғылланыўы ушын пуқаралар дизимге алынды.

(МК ниң 09.07.2019-жылғы 566-санлы қарарына муўапық Мийнет министрлиги тәрепинен бул қарар қабыл етилген күннен 2020 жыл 1 июльға шекем 2973  пуқара өзин өзи бәнт етиў бойынша дизимнен өткен.

Сондай-ақ, бул қарарға муўапық қосымша тәртиплер белгиленди. Булар:

- өзин өзи бәнт еткен шахсларды дизимге алыўда дизимнен өткенликти тастыйықлаўшы матрицали штрих код (QR-код) берилади;

- өзин өзи бәнт еткен шахслардың мийнет искерлиги нәтийжесинде алынған дәраматлары физикалық шахслар жәми дәраматлары қурамына киритилмейди;

- өзин өзи бәнт еткен шахслар жалланба жумысшыларды жаллай алмаслығы ҳәм жумыс бериўшиге ийе бола алмаслығы хаққындағы талап сақланып қалады;

- Интернет тармағы арқалы хызметлер көрсетиўши (жумыслар бежериўши) өзин өзи бәнт еткен шахсларға (фрилансинг) төмендеги ҳуқықлар бериледи:

көрсетиген хызметлер (орынланған жумыслар) ушын шет елдеги физикалық ҳәм юридикалық шахслар — норезидентлерден шет ел валютадағы төлемлерди Сыртқы саўда операцияларының бирден-бир электрон мәлимлеме системасына тийисли мағлыўматларды киритпеген ҳалда ƟзР-ның банкларындағы есап бетлерине қабыл қылыў;

контракт дүзпестен, келисиў ҳаққындағы ғалабалық усынысты (оферта) қабыл етиў ямаса электрон жазыспалар алмасыў ямаса есап-китап фактураларды (инвойс), сондай-ақ,   электрон формада тапсырыў жолы менен шет елли физикалық ҳәм юридикалық шахсларға хызметлер көрсетиў (жумысларды орынлаў).

Еслетип өтиў лазым, бул  мобил қосымша арқалы өзин Ози бәнт еткен пуқаралар буйырпаларды қабыл етиў, көрсетилген хызметлер (товарлар) ушын төлемлерди әмелге асырыў, юридикалық шахсларға хызметлер көрсетиўде электрон есап-китап фактураларды усыныў, соның менен бирге, дәраматлар хәм қәрежетлер есабын жүритиў хәм усы мағлыўматлардан кейиншелли кредит алыў хәм салықларды есаптан шығарыў мақсетинде пайдаланыў мүмкин.  

Соның менен бирге бир неше күн алдын яғный, 20-июль сәнесинде Президентимиз тәрепинен имзаланған “Коронавирус пандемиясының унамсыз тәсирин азайтыў ушын халық, исбилерменлик субъектлери, улыўма аўқатланыў, саўда хәм хызметлер тараўын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары хаққында”ғы ПП-6029-санлы Пәрманы менен халқымызға хәм исбилерменлерге көплеген салық жеңилликлери хәм преференцияларының берилиўи белгилеп берилди.

Корнавирус пандемиясы дәўиринде халықты әсиресе, улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы исбилерменлик субъектлерин қосымша қоллап-қуўатлаў, олардың дәраматларын тәмийинлеў, санитариялық-эпидемиологиялық жағдайдың жақсыланыўына қарап исбилерменлик субъектлериниң хызметлер тараўын тез пәт пенен қайта тиклеў сондай-ақ, жумыс орынларын сақлап қалыў мақсетинде 2020-жылдың 1-июль сәнесинен баслап 2020-жылдың 31-декабрьине шекем:

*улыўма аўқатланыў кәрханалары ҳәм имаратларды ижараға бериў менен шуғылланыўшы қарханалар айланбадан алынатуғын салықты төлеўден азат етиледи.

Бул Пәрман менен Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 752 исбилерменлик субъектине 2 170,6 млн. Сумлық жеңилликлер берилмекте.

*физикалық шахслардың  көшпес мүлкин ижараға бериўден алынған дәраматлар бойынша физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын төлеўден азат етилиўи менен Республикамызда жәми 4076 ҳалатта 1490,1 млн. сумлық жеңилликлер берилмекте.

*мал-мүлкин (имаратлар ҳәм автомобил транспортларын) ижараға бериўши физикалық шахслар салық мақсетинде ижара төлемлериниң ең кем ставкаларын қоллаў тәртиби тоқтатылып турылады.

*2020-жылдың 1-апрелинен 2020-жылдың 31-декабрине шекем улыўма аўкатланыў кәрханалары алкоголь өнимлери менен усақлап сатыў ҳуқықы ушын жыйым төлеў бойынша жәми 170 кәрханаға 844,8 млн. сумлық жеңилликлер берилди.

*Ɵзбекстон Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-марттағы “Коронавирус пандемияси ҳәм глабал крезис ҳалатларының экономика тараўларына кери тәсирин жумсартыў бойынша биринши нәўеттеги илажлар ҳақыннда”ғы ПФ-5969-Пәрманында белгиленген алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы менен шуғылланыўшы кәрханалардың ажыратпалары муғдары 5 проценттен 3 процентке пәсейтиў менен байланыслы жеңилликлер 2020-жылдың 31-декабрине шекем узайттырылды.

Сондай-ақ, бул Пәрман менен  улыўма аўқатланыў кәрханаларына алкоголь өнимлерин жеткизип бериў арқалы сатыў ҳуқықы берилди.

Улыўма аўқатланыў кәрханалары ушын киши исбилерменлик субъектлерине берилген жеңилликлер ҳәм преференциялар қолланылған ҳалда оларды киши кәрханалар қатарына киритиў мақсетинде улыўма аўқатланыў ушын белгиленген жумысшылардың жыллық орташа саны 25 тен 50 ге асты.

2020-жылда Ɵзбекстан Республикасы мәмлекетлик салық комитети тәрепинен белгиленген жағдайларда, салық төлеўшилерге салық есабатларын тапсырыў мүддетлерин 5 куннен көп болмаған муддетте кешиктиргенлиги ушын жәрийма салынбайтуғынлығы белгиленди.

Соның менен бирге, Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 18- майдағы “Коронавирус пандемияси дәўиринде халық ҳәм исбилерменлик субъетлерин қоллап-қуўатлаў бойынша нәўбеттеги илажлар ҳаққында”ғы ПП-5996-Пәрманында белгиленген бир неше салық түрлери бойынша жеңилликлер 2020-жылдың 31-декабрь сәнесине шекем узайттырылды.

Киши исбилерменлик субъектлери, базарлар, саўда комплекслери, кинотеатрлар, улыўма аўқатланыў кәрханалары, жәмийетлик транспорт кәрханалары, спорт ҳәм саўалландырыў орайлары, сондай-ақ, жолаўшы тасыў, хизмет көрсетиўши, имаратларды, соннан банкетлер өткериў ушын ижараға бериў менен шуғылланыўшы кәрханаларға жер ҳәм мүлк салығы бойынша 2270 кәрханаға 12 870,8 млн. сумлық салық жеңилликлери берилди.

Жәмийетлик салық ставкасы 12 пайыздан 1 пайызға түсириў бойынша республикада жәми 8567 кәрханаға 27 434,2 млн. сумлық жеңилликлер берилди.