22.12.2024, Екшемби

Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў Орайы және өз жумысын баслады

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жанында жәмийетлик тийкарда шѳлкемлестирилген «Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў Орайы» және ѳз жумысын баслады.



Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў ҳәм карантин дәўиринде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, жалғыз баслы нуранийлер, имканияты шекленген ҳәм тийкарғы дәрамат дереклерин жоғалтқан пуқараларға әмелий жәрдем бериў мақсетинде 1197 қысқа номери иске қосылды.

Сондай-ақ, халыққа және де қолайлық жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы бойынша (61) 222-05-26, (61) 222-05-24, (61) 222-00-94 телефон номерлери де сизиӊ қоӊыраўыӊызды күтпекте. Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў Орайына келип түскен мүрәжатлар тийкарында азық-аўқат, дәри-дармақ ҳәм басқа зәрүрли ѳнимлер гигиеналық ҳәм санитариялық талапларға толық әмел етилген ҳалда волонтёрлар тәрепинен пуқараларға жеткерилип бериледи.

Қарақалпақстан Республикасындағы Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў ҳәм волонтёрлық орайының исеним номерлери (Call-center) ҳаққында төмендеги кесте арқалы танысыўыӊызға болады.

 

МАҒЛЫЎМАТ

 

Қала ҳәм район аты

Телефон номери

1

Аймақлық штаб

1197

2

Нѳкис қаласы

1197

3

Әмиўдәрья районы

(61) 515-40-21

4

Беруний районы

(61) 524-45-07

5

Бозатаў районы

(61) 415-36-57

6

Қараѳзек районы

(61) 465-45-76

7

Кегейли районы

(61) 412-32-47

8

Қоңырат районы

(61) 312-27-88

9

Қанлыкѳл районы

(61) 332-11-94

10

Мойнақ районы

(61) 322-17-52

11

Нѳкис районы

(61) 424-46-77

12

Тақыятас районы

(61) 572-35-64

13

Тахтакѳпир районы

(61) 435-21-57.

14

Тѳрткўл районы

(61) 532-50-82

15

Хожели районы

(61) 554-10-35

16

Шымбай районы

(61) 444-02-75

17

Шоманай районы

(61) 346-29-74

18

Елликқала районы

(61) 585-28-15

 

Бул номерлерге ҳәр күни саат 9:00 ден 17:00 ге шекем мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ мәлимлеме хызмети