Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ
мағлыўматлары бойынша 2020-жыл 2-июль 15-00 ҳалатына Қарақалпақстанда
коронавирусқа шалынған наўқаслардың улыўма саны 152 ни қурап, соннан саўалып
шыққанлар 143 адамнан, даўаланып атырғанлар 9 адамнан ибарат.
Жасыратуғыны жоқ, ҳәзирги ўақытта интернет тармағында коронавирустыӊ кирип келиўи ҳәм тарқалыўы менен байланыслы ҳәр қыйлы материаллар берилмекте ҳәм бул жағдай өз гезегинде жынайый жуўапкершиликке себеп болыўы мүмкин.
Себеби, Қарақалпақстан Республикасы Конституцияның 23-статьясында “Ҳәр
бир адам еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслық ҳуқықына ийе” делинген. Ал
Конституцияның 14-статьясында болса, “Мәмлекет өзиниң жумысын инсанның ҳәм
жәмийеттиң абаданлығы мәплерин гөзлеп, социаллық әдиллик ҳәм нызамлылық
принциплеринде қурады” делинген. Демек, карантин бул еркинликти шеклеў емес, ал
жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң зәрүр шарасы. Сондай-ақ, карантин
жағдайының белгилениўи инсан ҳуқықларын шеклеў ямаса кемситиў емес, керисинше,
шаңарағы, перзентлери, жақынлары, сондай-ақ елимиздиң тынышлығы, пуқаралар
саламатлығыныӊ ең жоқары қәдирияты сыпатында қәдирлениўин көрсетеди ҳәмде
халқымыздың тәғдири ҳәм келешегин ойлап исленип атырған турмыстың зәрүрлиги
болып табылады.
Карантин жағдайында елимиздеги инсан ҳәм пуқаралардың ҳуқық ҳәм
миннетлери нелерден ибарат екенлигине қысқашы тоқтап өтсек, Қарақалпақстан
Республикасы Конституцияның 19-статьясына муўапық “Қарақалпақстан
Республикасының пуқарасы ҳәм мәмлекет өз-ара ҳуқықлар ҳәм өз-ара жуўапкершилик
пенен байланысады” делинген. Ал Тийкарғы Нызамның 20-статьясында, “Пуқараның өз
ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўы басқа адамлардың, мәмлекеттиң ҳәм
жәмийеттиң нызамлы мәплерин, еркинликлерин бузбаўы тийис”,–делиген. Ҳәзирги
жағдайда инсанлардың қәншелли дәрежеде карантин қағыйдаларына бойсыныўы
тийкарғы миннетлеринен бири, десек алжаспаған боламыз.
“Халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳаққында”ғы Өзбекстан
Республикасы Нызамының 31-статьясында Өзбекстан Республикасы аймағының
санитариялық қорғалыўы санитариялық карантин қадағалаўын әмелге асырыў ҳәм
шеклеў илажларын (карантин) енгизиў жолы менен тәмийинленетуғыны көрсетилген.
Сондай-ақ, бул тараўдағы илажларды әмелге асырыўда мәмлекетлик уйымлардың
ўәкилликлери беккемленген. Оған муўапық, усы тараўдағы мәселелерди шешиўде
тийисли мәмлекетлик уйымлар жуқпалы кеселликлердиң пайда болыўы яки тарқалыўы
қәўпи жүзеге келгенде бас мәмлекетлик санитария шыпакерлериниң усынысына көре
аймақларда яки объектлерде белгиленген карантин жәриялаўы мүмкин. Карантин
өткериў тәртиби ҳәм мүддетлери Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети,
Қарақалпақстан Республикасы Министлер Кеңеси, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият
уйымлары тәрепинен белгиленеди.
Усы нызамда халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығы ҳаққындағы
нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыпкер болған шахслар белгиленген тәртипте
жуўапкер болады, делинген. Бул жуўапкершилик Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик
жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Жынаят кодекслеринде беккемленген. Қандай
жағдайларда, яки қандай ҳуқықый нормалар бузылғанда жуўапкершиликке тартылыўы
мүмкин, деген сораўларға қысқаша төмендегише жуўап бериўимиз мүмкин.
Бүгин ҳәр бир инсан өз жуўапкершилигин тереӊ сезинген ҳалда әпиўайы
экологиялық, санитариялық, жеке гигиена талапларына бойсыныўы, шаңарақта
перзентлеримиз саламатлығы ҳәм тәрбиясы менен шуғылланыўымыз инфекция
тарқалыўының алдын алыўда шешиўши әҳмийетке ийе.
Мине, усындай жағдайларды есапқа
алған ҳалда, карантин ҳәм инсан ушын қәўипли болған жуқпалы кеселликлер
тарқалыўы ҳаққында ҳақыйқатқа дурыс келмейтуғын мағлыўматларды бергени ҳәм
тарқатқаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген.
Мәселен, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 2445-статьясында
карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиӊ пайда
болыўы ҳәмде тарқалыўы шараятында карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған
басқа да жуқпалы кеселликлердиӊ тарқалыўы ҳаққында ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын
мағлыўматларды тарқатыў — базалық есаплаў муғдарыныӊ еки жүз есесине шекемги
муғдарда жәрийма яки үш жүз саатқа дейинги мәжбүрий жәмәәтлик жумыслар ямаса
еки жылға шекем минез-қулықты дүзетиў жумыслары менен жазаланатуғыны, усы
статьяныӊ биринши бөлиминде көрсетилген мағлыўматларды, яғный жоқарыда
көрсетилген мағлыўматларды басып шығарыў яки басқа да усылда көбейтилген
текстте ямаса ғалаба хабар қураллары, сондай-ақ интернет тармағы арқалы
тарқатыў — базалық есаплаў муғдарыныӊ еки жүз есесинен төрт жүз есесине дейинги
муғдарда жәрийма яки үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа дейин мәжбүрий
жәмийетлик жумысларға ямаса еки жылдан үш жылға дейин минез-қулықты дүзетиў
жумыслары яки үш жылға дейин азатлықты шеклеў яки үш жылға дейин азатлықтан
айырыў менен жазаланатуғыны көрсетилген.
Солай екен, ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын мағлыўматларды ғалаба хабар
қураллары, сондай-ақ интернет тармағы арқалы тарқатыўдыӊ жуўапкершилигин тереӊ
аӊлаўыӊызды сораймыз.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети