Елимизде исбилерменликти раўажландырыў бағдарында түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Буның нәтийжесинде болса мәмлекетимиздиң раўажланыўына өзиниң мүнәсип үлесин қосып киятырған инсаплы исбилерменлер қатары күн сайын артып бармақта.
Деген менен “гүриш шигинсиз болмайды” дегениндей
инсаплы исбилерменлер менен бирге тек ғана өз мәпин үстин қойып нызамсыз түрде
мол дәрамат табыўды гөзлеген қостырнақ ишиндеги исбилерменлер де арамызда жоқ
емес.
Нөкис қаласы мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлери ҳәм ИИБ хызметкерлери менен биргеликте өткерилген қадағалаў илажлары даўамында нызамсыз сатылып атырған парашок өнимлери саўдасының алды алынды.
Анықланыўынша, Нөкис қаласы көшелериниң биринде
пуқара Б.Н. халыққа “парашок сатамыз,
алып қалың, өзи арзан баҳада сатаман” деп көше аралап ҳеш қандай тийисли
ҳүжжетлерсиз нызамсыз түрде саўда менен шуғылланып келген.
Өткерилген бул қадағалаў илажлары даўамында бул “исбилермен”ниң жәми баҳасы 540 000
сумлық өнимлери ис нызамлы шешимин тапқанға дейин айғақлы зат ретинде
рәсмийлестирилип алынды.
МСБ
Баспасөз хызмети