🔰27-июнь-мениң өмиримде үлкен әҳмийетке ийе. Бириншиси, 1945-жылы дүзилген районның айнасы болған "Тахтакөпир таңы" газетасының жыллық сәнелери белгиленсе, екиншиси, 2019-жылы "Ғалаба хабар қураллары бийғәрезлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекет уйымлары және шөлкемлери мәлимлеме хызметлери жумысларын раўажландырыў бойынша ис-илажлар ҳаққында"ғы Президент қарарының қабыл етилиўи.
📕Қарар қабыл етилемен дегенше дәўир аралығында районлық газетада ҳәм Қарақалпақстан телеканалының районлық хабаршысы сыпатында хызмет еттим. Лекин, мәлимлеме хызмети мениң ҳақыйқый өз кәсибимди ийелегенимди аңлатып туратуғын, өзимниң атқарып атырған жумысымнан өзим ләззет алатуғын, тек ғана тар орталықта, район көлеми жаңалықлары менен қалып қоймастан, республикамызда, ҳәттеки шет ел жаңалықларын да салыстырмалы түрде жеткерип бериў мүмкиншилигине ийе болдық. Бунда мен еркинликти, ҳәр тәреплемеликти сезип атырман.
📌Соны да айтып өтиўим керек, қарар мәлимлеме хаткерлерине бир қатар мүмкиншиликлер бериўи менен бирге, қатаң талапларды да жүкледи. Биз буны қәлбимиз бенен де сезинип атырмыз. Енди бир жыл болып атырған мәлимлеме хаткерлерине тек ғана жәмәәттиң емес, халықтың да исеними ояна баслады. Кең жәмәәтшилик оларды ҳәзир таныйды.
Биз мийнет етип атырған жәмәәтте халықтың исенимин арттырыў, олардың мүрәжәти унамлы шешилиўин қадағалаў, ҳәкимлик ҳәм оның тараўларындағы жаңалықларды халыққа жеткериў ўазыйпамыз болар екен, әлбетте пуқаралардан наразылықлар болса-биз биринши болып тараўларды хабардар етемиз. Машқалаларды биргеликте үйренип шығамыз.
Жәмәәтшиликке бир сөзимизди жеткериўден алдын оның дурыслығына әҳмийет қаратамыз.Бул-бизиң ўазыйпамыз.
❗️Бизге исеним менен тапсырылған екен, бүгинги күнниң мәлимлеме хаткерлери өз шөлкеминиң өмири менен жасайды, ҳәттеки дем алыс күнлери де халқымызға руўҳый азық, жаңалықлар жеткерип турады. Мәселен, өзи мийнет етип атырған ҳәкимлик пенен халықтың арасында көпир хызметин атқарады. Ҳәкимияттың имиджин көтереди. Кемшиликлерди ўақтында аңлап, шешимин оператив түрде тез ҳәм унамлы шешиўдиң тәрепдары болады.
Өткен хызметим дәўирине қайтатуғын болсам, мен дем алыстаман, деген түсиникти ядымнан шығарып таслағанман. Ҳәр бир адымда халқыма қандай жаңалықлар жеткерсем, мениң мийнетимнен разы болады екен, деген сораўлар бир майданға болса да ядымнан шыққан емес. Мениң хызмет ўақытым тамам болды, деген мәлимлеме хаткери алжасады. Бир ўақытлары түнги саат 2-3-4 лердиң ўақтында, таң атпай турып жаңалықлар қойып бараман ҳәм оқырманларымды бақлайман. Бир неше адам оқыған болады. Демек, халық жаңалыққа қумар, олар сениң мийнетиңди баҳалап та биледи. Биз олардың кеўлинен шығыўға ҳәрекеттемиз. Күни-түни жаңалықлар ағымы толып келмекте.Бизге жәрдемши болған елимиздиң рәсмий интернет тармақларынан миннетдар екенимизди айтып өтиўим керек. Усындай мүмкиншиликлер бар жерде толқынланып жумыс ислемеў мүмкинбе?!
🌹🌹🌹Биз мәлимлеме хаткерлериниң алдында еле де көбирек үйрениў, тәжирийбе арттырыў, ҳәр қандай жағдайларға таяр болыў ўазыйпалары турады.
Байрам мүнәсибети менен кәсиплеслеримди ҳәм биз бенен ҳәр қашанда бирге болатуғын халқымды да шын жүрегимнен қутлықлайман!
✍️Гүлнара Дәўлетмуратова, Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң Баспасөз хаткери