Қарақалпақстан Республикасында карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда нәўбеттеги көшпели қабыллаўлар болып өтпекте.Усы жылдың 16-17-июнь күнлери Беруний районында – Беруний,Төрткүл ҳәм Елликқала районлары, Шымбай районында – Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районлары, сондай-ақ, Нөкис районында – Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Нөкис районлары пуқараларының мүрәжатлери тыңланды.
Көшпели қабыллаўларда Президент админстрациясының тийисли ўәкиллери, 11 министрлик ҳәм ведомство басшылары қатнасты.
Мағлыўмат ушын, қабыллаўларда жәми 791 пуқаралар
менен тиккелей сәўбетлесип, олардың 809 мәселеси көрип шығылды.
Көрип шығылған мүрәжатлердиң 282 сол жердиң өзинде шешилип, 146 ҳуқықый түсиниклер берилди, 381 мүрәжат көрип шығыў үйренилиў ушын қадағалаўға алынды.
Көшпели қабыллаўлар даўам етеди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан
Республикасындағы Халық Қабыллаўханасы Баспасөз хызмети