Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2020-жылдың 16-июнь сəнесиндеги арнаўлы бийлиги тийкарында Маткаримов Илхом Исмаилович – Тақыятас районы ҳəкими лаўазымына тайынланды.
Маткаримов Илхом Исмаилович – өз мийнет жолы даўамында салық системасында түрли жуўапкершиликли
орынларда жəне Беруний районы ҳəкиминиң биринши орынбасары лаўазымларында жумыс
алып барды
Өзбекстан
Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясының тыңлаўшысы
Маткаримов Илхом Исмаилович сондай-ақ, 2018-2020-жылларда Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының
Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын раўажландырыўда нызамшылықтың
орынланыўы үстинен қадағалаў басқармасы прокуроры, Өзбекстан
Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги басқарма баслығының орынбасары,
Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳəм санаат министри ҳəм усы күнге шекем Қарақалпақстан
Республикасы Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң
биринши орынбасары лаўазымында жумыс ислеп келди.
Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети