22.12.2024, Екшемби

Мойнақ районында “Ақ кеме” балалар дем алыў орайы пайдаланыўға тапсырылды

15-июнь күни Мойнақ районында “Ақ кеме” балалар дем алыў орайы  пайдаланыўға тапсырылды.

Орайдың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары А.Саидов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы Қ.Рафиқов ҳәм басқалар Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен соңғы жылларда Мойнақ районына үлкен итибар қаратылып, районның социаллық-экономикалық раўажланыўын, халықтың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша қатар илажлар әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Өткен қысқа дәўирде район халқына таза ишимлик суўы жеткерип берилди, амфитеатр, футбол стадионы, Жаслар орайы, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, жүзиў бассейни, спорт заллары, Мәденият сарайы, китапхана, консерва заводы, текстиль кәрханасы, заманагөй турақ-жайлар ҳәм басқа да бир қатар объектлер пайдаланыўға тапсырылды, теӊиз ултанында сексеўил егиў жумыслары алып барылып, жақын күнлер ишинде Мойнақ аэропорты иске түсиў алдында тур. Булардыӊ барлығы район турмысындағы үлкен өзгерислер менен жаӊаланыўлардан дәрек береди.

«Ақ кеме» балалар дем алыў орайы да Ҳүрметли Президентимиздиӊ 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында берилген тапсырмаларға муўапық Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясыныӊ қаржысы есабынан, “Шорахан қурылыс монтаж” кәрханасының қурылысшылары тәрепинен қурып-питкерилди.

Мәўсим даўамында 1500 баланы саўалландырыўға мөлшерленген бул орайда ул-қызлардың жазғы дем алысын мазмунлы өткериўи ушын барлық шараятлар жаратылған.  250 орынлық жатақхана, футбол, баскетбол, волейбол майданшалары, жүзиў бассейни, китапхана, концерт залы, руўхый-ағартыўшылық ханасы, жазғы театр сахнасы, көркем өнер ҳәм спорт дөгереклери бар. Медицина ханалары, асханалар заманагөй үскенелер менен тәмийинленген. Сондай-ақ, орай әтирапы абаданластырылып, 5 гектар жер майданына 5000 ға жақын мийўе ҳәм декоратив терек нәллери отырғызылды.

Коронавирус пандемиясы себепли, бүгинги күнде республикамызда халықтыӊ, әсиресе балалардыӊ санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, коронавирус инфекциясы тарқалыўыныӊ алдын алыў мақсетинде социаллық аралықты тәмийинлеў ушын  150 баланы  қабыллады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети