22.12.2024, Екшемби

Исши топардың исбилерменлер менен ушырасыўы Төрткүл ҳәм Беруний районларында даўам етти



Төрткүл районы

Исбилерменлик мақсетлери ушын жер майданларын ажыратыўға байланыслы мәселелер бойынша барлық процесслерди исбилерменлерге үйретиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Әдиллик министрлиги, Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппараты, Саўда санаат палатасы тәрепинен ушырасыўлар кестеси тастыйықланды.

Бүгин исши топар ағзалары Төрткүл ҳәм Беруний районларының исбилерменлери ушын семинар шөлкемлестирди.

Төрткүл районы

Семинарда Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги басқарма баслығы Б.Азизов қатнасып, исбилерменлерге Өзбекстан Республикасының “Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында”ғы Нызамы, Министрлер Кабинетиниң “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүлк ҳуқықлары кепилликлерин тәмийинлеў ҳәмде жер участкаларын алып қойыў ҳәм компенсация бериў тәртибин жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 911-санлы ҳәмде “Исбилерменлик ҳәм қаласазлық искерлигин әмелге асырыў ушын бос турған жер участкаларын бериў тәртип-қағыйдаларын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Қарарлары бойынша кең түрде түсиниклер берди.

Төрткүл районы

Семинар даўамында исбилермен жер ажыратыў, аукционда қатнасыў ҳәм басқада мәселелер бойынша берген сораўларына толық жуўаплар алды.

Беруний районы