22.12.2024, Екшемби

14-июнь – «Халықаралық Донорлар күни»

Донорлар адамларға өмир бағышлап, үлкен саўаплы истиң басында турған инсанлар болып есапланады. Тиришиликтиң даўам етиўине өзлериниң бийғәрез үлесин қосып атырғаны ушын халқымыз олардан шексиз миннетдар. Жәмийетимизде бир-биреўге мийрим-шәпәәт, жоқары адамгершилик пазыйлетлерин көрсетип атырған бундай инсанлардың ҳүрметине халықаралық көлемде белгиленетуғын байрам бизиң елимизде де мүнәсип тәризде өткерилип келинбекте.

Бүгин Республикалық қан қуйыў станциясында байрам мүнәсибети менен үлкен илаж өткерилип, оны Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Атажан Каримович Ҳамраев көтериңки руўхта ашып берди. Бийғәрез донорларды ҳәм белсенди инсанларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бас қәнигелери, Кәсиплик аўқамлары бирлеспеси, медицина тараўы хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.


Ҳәзирги ўақытта ҳүкиметимиз тәрепинен халқымыздың денсаўлығын беккемлеўде, соның ишинде қан хызметине, яғный қан қәўипсизлигин тәмийинлеў, бийғәрез донорлықты раўажландырыў бойынша жетерли дәрежеде итибар қаратылған болып, бул бағдарда бир қатар ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Өзлериниң саўаплы иси, ардақлы хызмети менен инсанлар өмирин сақлап қалыўда өз қанларын турақлы тапсырып, белсендилик етип киятырған донорлар Зарымбетова Сапаргул, Нуржанов Өсербай, Алланазаров Рустам ҳәм Абдуллаев Алламбергенлер «Өзбекстан Республикасының Ҳүрметли Доноры» көкирек нышанына ылайық деп табылды.


– 1986-жылы Польша қаласында армияда жүрген ўақтымда 26-апрель күни Чернобыль атом электростанциясында жарылыў болған еди. Сол апатшылық нәтийжесинде жарақат алғанларға қан бериў ушын бизлер – әскерий хызметкерлер де бардық. Сол күннен берли ҳәзирге шекем бийғәрез түрде қан тапсырып келмектемен. Пайтахтымыздағы Республикалық қан қуйыў станциясының медициналық хызметкерлери бәрқулла жақсы жүз бенен күтип алады, – дейди Хожели районлық Қорғаныў ислери бөлиминиң жасларды әскерий шақырыққа таярлаў әскерий бөлиминиң ҳәм усы райондағы Қураллы Күшлер Ветеранлары кеңесиниң баслығы, Республикалық руўхый ағартыўшылық орайының ағзасы Өсербай Нуржанов. – Қан тапсырыў адам денсаўлығы ушын жүдә пайдалы. Инсанның биреўге пайдасы тийсе, оннан бахытлы инсан болмаса керек.


Илажда шөлкемлестириўшилер тәрепинен басқа да донорларға, белсенди инсанларға, кәсип пидайыларына ҳүрмет жарлықлары, естелик саўғалары тапсырылды. Соның менен бирге, республикалық қан қуйыў станциясының бир қатар хызметкерлерин тараў кәсиплик аўқамы атынан Лизахан Байбосинова ҳүрмет жарлықлары ҳәм саўғалар менен сыйлықлады.

Сондай-ақ, усы илажға Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, белгили опера жулдызы Жеңисбек Пыязов та белсене қатнасты ҳәм қан тапсырып үлги көрсетти.


14-июнь путкил Дүнья жүзи ҳәм Республикамызда «Халықаралық донорлар күни» деп белгилениў мүнәсибети менен наўқасларға өмир бағышлаўшы ҳүрметли донорларымызды усы әжайып байрам менен қутлықлай отырып, оларға терең денсаўлық, шаңарағында аманшылық тилеп, оларға өз миннетдаршылығымызды билдирип өтемиз. Халқымыз, әсиресе жасларымыз бийғәрез донорлар қатарына қосылып, бир-биреўине мудамы жәрдем қолларын созады ҳәм қоллап-қуўатлайды деген үмиттемиз ҳәм саўап иске бел буўған ҳәрбир адамды донор болыўға шақырып қаламыз.