“Kanteks invest” ЖШЖниң экспорт муғдары 5 миллион долларға шамаласты
Қанлыкөл районындағы “KANTEKS INVEST” ЖШЖ елимизде
жетистирилип атырған пахтадан жеңил санаат өнимлерин ислеп шығарып, сырт
еллерге экспорт етиў менен шуғылланатуғын ири тоқымашылық кәрханалардан бири.
Германия, Швейцария, Ҳиндстан ҳәм Түркия сыяқлы
мәмлекетлерден алып келинген соңғы маркадағы тоқымашылық үскенелери менен
тәмийинленген бул кәрхана жыл басынан берли сырт еллерге баҳасы 4 миллион 945
мың АҚШ доллары муғдарындағы 2103 тонна ийирилген жип өнимлериниң экспортын
әмелге асырған.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы
хызметкерлери усы кәрханада болып, оның жумыслары менен жақыннан танысты.
Экспортқа шығарылып атырған бәсекиге шыдамлы өнимлердиң көлемин және де
арттырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, ҳүкиметимиз тәрепинен экспортты
қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде
исбилерменлик субъектлерине жаратылып атырған имканиятлар ҳәм жеңилликлер
бойынша кең түрде түсиниклер берилди.
– Бүгинги күнде усы сыяқлы кәрханалардың карантин талапларына қатаң
әмел еткен ҳалда жумысын даўам етип атырғанлығы, елимизде исбилерменлик
субъектлерин қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли
жумыслардың нәтийжеси болып есапланады,-дейди Бажыхана басқармасының «Қоңырат»
сыртқы экономикалық байланыс бажыхана постының баслығы Б.Сейтназаров. – Бүгинги
күнде усындай өнимлерди сапалы түрде ислеп шығарып, дүнья базарларына алып
шығып атырған оннан аслам кәрхана бар. Олардың жумыслары нәтийжели болмақта.
Бул болса, товарлардың экспорты әмелге асырылып, мәмлекетимизге валюта кириўине
ҳәм халықтың жумыс пенен тәмийинленип, турмыс дәрежесиниң және де артыўына
хызмет етпекте.