Бәршеңизге белгили Ҳүрметли Президентимиз усы жылдың 5-6-июнь күнлеринде Ферғана ўәлаятына сапары даўамында мәҳәллелер абатлығы, көшелер ҳәм шаңарақлардың тазалығын тәмийинлеў, халықтың жәрдемге мүтәж катламына хәр тәреплеме жәрдем бериў жумысларын және де күшейтиў бойынша анык ўазыйпаларды айтып өтти.
Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм
шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде болып өткен видеоселектор жыйналысында
мәҳәлле системасы жумысларында ушырасып атырған машқала ҳәм кемшиликлерди
сапластырыў, «Абат шаңарақ», «Абат көше», «Абат мәҳәлле» принциплерин өмирге
кең ен жайдырыўдың әҳмийетли ўазыйпаларына итибар қаратылды.
Сонлықтан, 2020-жылдың жылдың июнь-август
айларында «Жанажан журтым абатлығына өз
үлесимди қосаман» сүрени тийкарында республикамыздағы барлық мәҳәллелердеги
көшелерди, шаңарақларды абаданластырыўға қаратылған бир қатар жумыслар алып
барылады.
Буннан тийкарғы мақсет «Абат шаңарақ», «Абат көше», ҳәм «Абат мәҳәлле» хәрекети шеңберинде пуқаралар
жыйынлары аймағында жасайтуғын жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ-жайларын ҳәм
машқалаларын үйренип, киши оңлаў жумысларын әмелге асырыўдан ибарат.
Мине усы илаждың орынланыўын тәмийинлеў ушын
Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳам шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде
ҳәр күнлик мағлыўматларды муўапықластырыўшы штаб ҳәм хызметкерлерден ибарат
жумысшы топар дүзилди. Яғный, 17 қәниге ҳәр бир қала ҳәм районларға
бириктирилди.
Топар ағзаларына барлық мәҳәллелерди
абаданластырыў мақсетинде июнь-июль-август айларында халық арасында үгит-нәсият
ҳәм әмелий ис-илажларды әмелге асырыўға қаратылған ўазыйпалар белгилеп берилди.
Сондай-ақ, Республикамыздың қала ҳәм
районларында ҳәким орынбасарлары басшылығындағы штаблар жумысы жолға қойылды.
Штаб ағзалары тәрепинен 413 мәҳәлледеги шаңарақларды абат қылыў, көркем етиў
бойынша алып барылатуғын Ҳәрекетлер режеси ислеп шығылды. Сондай-ақ, ғалаба
хабар қураллары арқалы кең жәмийетшиликти хабардар етип барыў мақсетинде
медиа-реже таярланды.
Жумысшы топар тәрепинен жойбар шеңберинде «Абат
шаңарақ», «Абат көше», «Абат мәҳəлле» критериялары ислеп шығылып аймақларға
жеткерилди.
Бүгин азаннан ҳәр бир аймақта бул бойынша
жумыслар баслап жиберилди.
Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң Мәлимлеме хызмети