Бәршеңизге белгили, бүгинги күнде глобал машқалаға айланған коронавирус пандемиясы пүткил дүньяны тәшўишке салмақта. Бул бойынша дүньяның дерлик барлық еллеринде пандемияға қарсы илажлар күшейтилмекте.
Әйне пайытта Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Транспорт министрлиги ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги сыяқлы басқа да жуўапкер уйымлар тәрепинен елимизге коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳәм оның тарқалыўының алдын алыў, оған қарсы кескин илажлар көриў бойынша көлемли жумыслар алып барылмақта. Атап өтилген тийисли тараў ўәкиллери турақлы түрде Сизиң саламатлығыңыз ушын өзлериниң денсаўлығын қәўип-қәтер астында қалдырып, тынымсыз гүрес алып бармақта.
Тилекке қарсы, жәмийетимизде ғалаба хабар қураллары тәрепинен коронавирус инфекциясының аянышлы ақыбетлери ҳәм оның алдын алыў бойынша карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиў зәрүрлиги ҳаққында турақлы жәрияланып атырған үгит-нәсият жумысларына қарамастан, айырым пуқараларымыз тәрепинен әмелдеги қағыйдаларды бузыў жағдайлары ушыраспақта.
Бүгинги күнде карантин қағыйдаларын бузып атырғанларды анықлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы ИИМниң ЖҲҚ басқармасы, Миллий гвардия, Қарақалпақстан Республикасы МСЭҚБ ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги инспекторлары менен биргеликте арнаўлы рейдлер өткерилмекте. Рейд даўамында лицензиясыз жолаўшы тасыў менен шуғылланып жүрген ҳуқықбузарлықлар анықланды. Бундай ҳуқықбузарлықлар ушын Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 176 прим 3-статьясы менен базалық есаплаў муғдарының 20 есесинен 100 есесине шекемги муғдарында жәрийма жазасы белгиленген.
Соның менен бирге, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 291-статьясында транспорт қуралларын услап турыў ҳәм көриктен өткериў тәртиби белгиленген болып, бул Кодекстиң 10нан артық статьяларында 50ге жақын қағыйдабузарлықлар бойынша транспорт қураллары жәрийма майданшасына қойылыўы мүмкин.
Сондай-ақ, 2020-жыл 4-апрельдеги арнаўлы комиссия қарарында карантин дәўиринде автотранспорт қуралын арнаўлы рухсатнамасыз басқарғанлығы ушын транспорт қуралын жәрийма майданшасына жайластырыў жолы менен услап турыў мүмкинлиги белгиленген. Және де айтып өтиўимиз керек, Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық Кодексиниң 54-бәнтине киргизилген қосымшаға тийкарланып, карантин қағыйдаларын бузған шахсларға жәриймалар муғдары тастыйықланды. Оған көре, физикалық шахсларға 4 млн. 460 мың сумнан 6 млн. 690 мың сумға шекем, юридикалық шахсларға 6 млн. 690 мың сумнан 11 млн. 150 мың сумға шекем белгиленди.
Деген менен, усындай мәмлекет тәрепинен белгиленген қатаң шараларға бойсынбай, өз басымшалық пенен жүрген пуқараларымыз еле де көплеп ушыраспақта.
Халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыў, узағын жақын, аўырын жеңил етиў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша арнаўлы комиссиясының усы жыл 5-июнь күнги 01-12/10-06/150 санлы жыйналыс баянламасына тийкарланып, 8-июнь күнинен баслап «сары» ҳәм «жасыл» аймақларда жәмийетлик транспортында қала ҳәм қала әтирапы, аймақлар арасындағы жөнелислер бойынша автобус ҳәрекетлерине рухсат берилди. Лекин, «Дамас», микроавтобус автотранспортлары хызмети буған кирмейди.
Бунда тасыўшылар хызмети төмендеги талаплардан келип шығып шөлкемлестириледи:
— Транспорт қуралы жөнелис (рейс) ақырында дезинфекция етиледи; жолаўшылардан болса, карантин талапларына қатаң әмел етиў ҳәм аралықты сақлаў сорап қалынады. Жәмийетлик транспортында карантин талапларын бузыў тийисли ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады.
Автобус салонына жолаўшылар тек ғана медициналық нықапта киргизиледи;
Айдаўшылардың медициналық қолғап ҳәм нықаплар менен тәмийинлениўи ҳәм де олардың турақлы түрде өз ўақтында алмастырылып барыў шараларын көриў белгиленген.
Транспорт министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери усы талапларға әмел етилиўин қадағалайды.
Ҳақыйқатында «жасыл», «сары» жолаққа кирген аймақларда карантин талаплары белгили дәрежеде жумсартылып, өндирис кәрханаларына, мәкеме-шөлкемлердиң қайта жумыс баслаўына рухсат берилип атыр. Әлбетте, карантин қағыйдаларына толық ҳәм қатаң әмел етиўимиз тийис. Солай екен, бул карантин жуўмақланды дегени емес. Сонлықтан, ҳәр биримиз өзимиздиң ҳәм өзгелердиң денсаўлығына айрықша итибар қаратайық!
Тимур САРЫБАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министриниң орынбасары