Усы жыл 8-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз бесинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Өзбекстан Республикасы Бас Прокуроры, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниӊ Баслығы ҳәм оныӊ орынбасарлары, сондай-ақ министрликлердиӊ, мәкеме ҳәм кәрханалардың, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары ҳәмде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессияның күн тəртибине муўапық шөлкемлестириў мәселеси, яғный «Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры туўралы» мәселе көрип шығылды.
Сессияда Алламбергенов Фархат Ембергенович Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры лаўазымына тастыйықланды.
Ф.Е.Алламбергенов мийнет жолын 1994-жылы Нөкис қалалық судыныӊ суд орынлаўшысы болып ислеўден баслаған. Буннан соӊ Прокуратура органларында ҳәр қыйлы лаўазымларда жумыс алып барған. Елликқала, Төрткүл, Әмиўдәрья районлары ҳәм Тақыятас қаласы, сондай-ақ Арал тәбиятты қорғаў Прокуроры лаўазымларында ислеген.
2017-жыл, 14-августтан баслап Тақыятас районы ҳәкими лаўазымында жумыс алып барған.
Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры лаўазымында ислеп келген Хидир Каримов басқа жумысқа өтиўине байланыслы ийелеп турған лаўазымынан босатылған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети