21.12.2024, Шемби

Қарақалпақстанлы илимпаз 77 жасында илим докторы болды

  • Бесиктен  қәбирге шекем илим изле, делинеди Ҳәдиси шәрийфте. Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақ тәбийий пәнлер илимий-изертлеў институтының үлкен илимий хызметкери Сали Бауатдинов 77 жасында «Қарақалпақстан агрорудалары тийкарында жаңа түрдеги қурамалы араласпалы төгинлер алыўдың ресурс үнемлеў технологиясын ислеп шығыў» темасында докторлық (DSc) диссертациясын онлайн түрде табыслы қорғады.

Илимпаз докторлық жумысы бойынша Қарақалпақстан Республикасының дерлик бәрше районларында, атап айтқанда, Қараөзек, Кегейли, Шымбай ҳәм Хожели районларында, жәми 18 фермер хожалығындағы пахта егилген майданларында изертлеў жумысларын алып барды. Алынған илимий ҳәм әмелий нәтийжелер 2016–2019-жыллары даўамында фермер хожалықларының ҳәр бириниң 20–40 гектар майданында қолланылды.

Илимий жумысларды енгизиў нәтийжелилигин арттырыў, буның ушын изертлеўдиң тармақ кәрханалары мүтәжлигине сәйкес келиўин тәмийинлеў әҳмийетли есапланады. Бүгинги күни Өзбекстанда жаратылған илимий жумыслар тийкарында жаңа төгинлер, дефолиантлар ҳәм өсиў стимуляторларын ислеп шығарыў жолға қойылмақта.

2016–2017-жыллары жаңа түрдеги «Қурамалы араласпалы төгин» Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими жанындағы киши санаат төгин ислеп шығарыў қурылмасында жылына 80 тоннадан, 2018–2019-жыллары «Бурлитоғ кимё» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде жылына 6000 тоннадан ислеп шығарылды.

Атап айтқанда, биринши мәрте төмен сапалы Қарақалпақстан фосфоритлерин ҳәм глауконитлерин, аммоний сульфаты, аммоний нитраты, моноаммонийфосфат, мочевина нитраты, аммоний хлориди, калий хлориди ҳәм мочевина еритпелери менен химиялық активлестирилиўине олардың концентрациясы, муғдары ҳәм pH орталығына байланыслылығы бойынша мағлыўматлар алынды. Қатты фазалы режимде фосфорит үлгилерин сульфат ҳәм нитрат кислоталарының толық емес нормада кислота концентрациясының бөлеклениў дәрежесине тәсири анықланды. Биринши мәрте фосфорит ҳәм глауконитлерди аммоний сульфатлы сульфат кислотасы ҳәм аммоний нитратлы нитрат кислотасы менен қайта ислеў процеси бойынша жаңа мағлыўматлар алынды, кислота нормасының әпиўайы ҳәм қурамалы фосфорлы төгинлер қәсийетлерине тәсири анықланды. Төмен сортлы жергиликли фосфоритлерди ҳәм глауконитлерди химиялық активлестириў тийкарында фосфорлы төгинлер алыўдың әпиўайыластырылған ҳәм жеделлестирилген технологиялары ислеп шығылды.

С. Бауатдинов тәрепинен қурамалы араласпалы минерал төгинлердиң жаңа түрлерин Қараөзек, Кегейли, Шымбай ҳәм Хожели районларының пахта атызларында пайдаланыў ҳәм агрохимиялық тексериў ислери алып барылды.

Қурамалы араласпалы минерал төгинлерди тәжирийбеде қолланыў арқалы егин майданларындағы өнимдарлық дерлик 32 пайызға шекем артты.

Қурамалы араласпалы минерал төгинлерди қолланыў илажлары изертлеў алып барылған районлардағы 18 фермер хожалығында 4 жыл даўамында 480,8 гектар пахта атызларында әмелге асырылып, күтилген экономикалық нәтийжелиликке ерисилди.

Қурамалы араласпалы минерал төгинлер қолланылған пахта егилген майданларында жаңа төгинди қолланыў ҳәм қымбат химиялық төгинлерди кемейтиў есабынан экономикалық нәтийжелилик ҳәр бир егилген 1,0 гектарға 207677,0 сумды қурады.

Қурамалы араласпалы минерал төгинлерди Республиканың пахта ҳәм аўыл хожалығы егинлери егилетуғын майданларында қолланыў усыныс етилип, буның нәтийжесинде, ҳәзир фермерлеримиз мол өним алмақта.

Ҳақыйқатында да, елимиз – уламалар журты. Бул диссертация жумысы алымларымыз мийрасын даўам еттирип, өмирин ҳәрип танығанынан ҳәзирге дейин илим үйрениўге бағышлаған алым – Сали Бауатдинов өмириниң ҳәр бир демин илим алыўға сарыплағанының ашық-айдын көриниси есапланады.

Ол Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы зыялылар шаңарағында туўылған. 1960-жылы мектепти питкерип, 1961–1966-жыллары жоқары оқыў орнында да билим алып, мийнет жолын 1966-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогика институтында кафедра оқытыўшысы болып жумыс ислеўден баслаған Сали Бауатдинов бүгинги күнге шекем жасларға тәлим-тәрбия бериў менен бирге илимий изертлеў сырларын үйретип келмекте. Соның менен бирге, бир қанша шәкиртлер де таярлаған.

Илимий хызметлери менен Қарақалпақстан аўыл хожалығына байланыслы темаларда 4 монография шығарған ҳәм бир патентти қолға киргизген. Мине, усындай мийнетлериниң жемиси ретинде 2013-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген илим ғайраткери» ҳүрметли атағын алыўға миясар болған. 

Инсанның алымлығы оның өмир жолы менен де тығыз байланыслы. Неге дегенде, инсанның ҳақыйқый алымлығы оның тек илимий ис қылыўы менен емес, ал илимди әмелиятқа, тәрбияны мәнаўиятқа енгизиўи менен де әҳмийетли. Сали ағаның өмир жолына нәзер таслар екенбиз, оның өмирлик жолдасы Орынгүл апа менен бир қыз ҳәм бес улды камалға жеткизип, оларды да илимли етип тәрбиялағанына бүгин жәмийеттиң өзи гүўа. Баласы Ташкенбай әке жолынан барып, әке кәсибине садық қалған ҳалда 2018-жылы техника илимлери бойынша философия докторы (PhD) (№ 02.00.13 – Органикалық болмаған элементлер ҳәм олар тийкарындағы материаллар технологиясы) болды. Сали ағаның бәрше перзентлери де мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында мийнет етип келмекте.

«Илим қараңғылықларды жарытыўшы шам есапланады», деп халқымыз бийкарға айтпаған. Мен де өмир жолымды илим менен жарыттым. Перзентлериме илим арқасында табылған ҳадал азық пенен камалға жеткизгенмен. Илимий ислерим бойынша изертлеўлер өткерилген ўақытлары қыйыншылықлар болып турған. Дурыс, қыйыншылықсыз ҳеш нәрсеге ерисип болмайды. Бирақ, мен тоқтамадым, тынбадым, излендим. «Жасым өтти, енди болды», демедим. Себеби, инсан баласы қәбирге шекем илим излеўи керек.

Маған Президентимиздиң «Илим-пән менен шуғылланыў, яғный жаңа ашылыў ҳәм ойлап табылыўларды әмелге асырыў ийне менен қудық қазыўдай гәп. Сондай екен, бул машақатлы тараўда пидайы мийнет етип атырған алымларымыз мийнети мақтаў ҳәм хошаметке мүнәсип», деген сөзлери де қуўат ҳәм күш бағышлап турды. Илим-пән, тәлим-тәрбия инсан өмириниң зәрүрли факторы болғанындай, мен оларсыз өмиримди көз алдыға келтире алмайман. Қуда қәлесе, келешекте де усындай илмий жумысларды даўам еттириўди нийет еткенмен», – дейди Сали аға оның менен болған сәўбетимизде.

Усы күнге шекем оның жүзден аслам илимий мақалалары баспа жүзин көрген, шет ел илимий басылымларында да жарық көрген.