21.12.2024, Шемби

Меҳир-сақаўат көрсеткен инсанлар хошаметленеди…

Орденлер, медаллар, атақлар, көкирек белгилери… Қайсы бир тараўда үлги көрсеткен инсанларға мийнетиниң мүнәсип баҳаланыўы ушын бериледи. Әсиресе, бизиң елимизде өз халқы ушын тер төккенлерди хошаметлеў қәдириятқа айланып үлгерген.



Усы жылдың 26-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген “Меҳр-саховат” көкирек белгисин шөлкемлестириў ҳақкында”ғы Пәрманын бүгинги күн қаҳарманларына қаратылған итибардың бир көриниси десек болады.

Итибарлы тәрепи бул Пәрманда дүнья көлеминде кең тарқалып, глобал машқалаға айланған коронавирус пандемиясы дәўиринде, сондай-ақ, ҳәр қыйлы тәбийғый апатшылықлар, айрықша жағдайлар себепли елимиз басына түскен сынақлы күнлерде орын алған қәўип-қәтерлерге қарсы гүресте, олардың ақыбетлерин сапластырыўда мәртлик ҳәм ерлик үлгисин көрсеткен  инсанларды сыйлықлаў белгиленген.

Буннан тысқары миллий қәдирият ҳәм дәстүрлеримизди мүнәсип даўам еттирип, мириўбет, сақаўат, сақыйлық ҳәм кеңпейиллик пазыйлетлерин улығлап киятырған, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға бийминнет жәрдем бериў бойынша жумысларды улыўмахалықлық ҳәрекети дәрежесине көтериўге үлкен үлес қосқан инсанлардың хошаметлениўи көрсетилген.

Әсиресе, жәмийетимизде тынышылық-абаданлық, бирлик ҳәм татыўлық орталығын беккемлеўде белсене қатнасып, бийғәрез қайырқомлық жәрдеми және ийгиликли ислери менен көпшиликке айрықша өрнек болып атырған ўатанласларымызды сыйлықлаў нәзерде тутылғаны үлкен әҳмийетке ийе.

Әлбетте, кем тәмийинленген шаңарақларға меҳир ҳәм ҳүрмет пенен итибар қаратқан барлық инсанлардың ислеген ҳәр бир жақсылығы өзлерине артығы менен қайтады. Жақсы күнде қылған жақсылықтан көре, ең аўыр демлерде берилген жәрдем инсан өмири даўамында умытылмайды. Сонлықтан оларды ардақлаў ҳәм қадирлеў керек. Усы орында уллы шайыр ҳәм ойшыл Алишер  Наўайы бабамыздың “Сақаўатлы инсанның басына жәннет тереклери сая салады” деген сөзлерин келтирип өтиў орынлы. 

Егер қайсы бир халыққа “Меҳир-сақаўат” көкирек белгисин тағыў кереклиги додаланса, “Бул көкирек белгисин Өзбекстан халқының өңирине тағыў керек” деген болар едик. Себеби, бир шөрек нанынан бир тислемин өзине алып, қалғанын мүтәжлерге бөлип берген, өзгелердиң баласын баўырына басып, өз перзентиндей меҳир көрсеткен сондай-ақ, басына ис түскен ўақытта бийтаныс болса да үйиниң төринен орын ажыратқан халықпыз.

Демек, еле де бирлессек, меҳримизди әтираптағылардан қызғанбасақ ҳәм әлбетте карантин қағыйдаларына әмел етсек ел-журтымыз бул апаттан тез күнлерде қутылады.

Әлбетте, бундай кәдири бәлент сыйлықтың шөлкемлестирилиўи пүткил халқымыздың кеўиллерин тастырды, Ўатанласларымыздың жүреги меҳирге толы екенлигин көрсетти. Сондай-ақ, бул сыйлық ден-саўлықты сақлаў тараўы хызметкерлерине, коронавирусқа қарсы гүресиўге қамтып алынған бир қатар тараў ўәкиллерине мәмлекетимиз тәрепинен миннетдаршылық билдириўдиң бир көриниси болды.

 

Сағындық Турманов

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри