“Қараөзекли Расул” фермер хожалығы республикамызда биринши болып ғәлле тапсырыў режесин артығы менен орынлап шықты. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Қараөзек районында быйыл 4300 гектар майданға ғәлле егилип, мәмлекетке 9693 тонна ғәлле жетистириў режелестирилген. Агротехникалық илажлардың өз ўақтында сапалы алып барылыўы ҳәм ғәллени қысқа мүддетте жыйнап алыў мақсетинде тийисли отрядлар дүзилип, зәрүр техникалар менен тәмийинлениўи өз нәтийжесин берди. Район аймағындағы фермер хожалықлары ғәлледен мол зүрәәт алып, шәртнама режелерин орынлап шықпақта.
Райондағы «Қараөзек» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан “Қараөзекли Расул” фермер хожалығы район ҳәм Республика көлеминде биринши болып мәмлекетке ғәлле тапсырыў режесин орынлап шықты. Фермер хожалығы 39 тонна орнына 65 тонна бийдай тапсырып, мәмлекетлик режени 167 процентке орынлады. Зүрәәтлилик гектарына 65 центнерден туўра келди.
Районда ғәлле орым-жыйын мапазы шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети