21.12.2024, Шемби

Нөкис қаласы ҳəм барлық “жасыл” категориядағы аймақларда шаштəрезхана ҳəм гөззаллық салонлары хызметине руқсат берилди

Нөкис қаласы ҳəм  барлық “жасыл” категориядағы район аймақларында шаштəрезхана ҳəм гөззаллық салонлары хызметине руқсат етилди.



Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының мəжилис баянламасы қабыл етилди.

Онда – шаштəрезхана ҳəм гөззаллық салонлары хызмет көрсетиўши шахслар тəрепинен жеке қорғаныў қураллары – медициалық халат яки комбинезон, медицианалық нықаб (N 95 яки қабатласқан 2 əпиўайы спанбонд нықаб), жүзди толық тосатуғын қорғаныў нықабы ҳəм медицианалық нықабтан пайдаланған ҳалда “1 хызмет көрсетиўши шахс – 1 қарыйдарға” принципи тийкарында белгиленген аралықты сақлаған жағдайда ислеўи талап етиледи.

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети