Нөкис қаласы ҳəм барлық “жасыл” категориядағы район аймақларында жөнелиссиз таксилерге жолаўшыларды тасыў хызметине руқсат етилмекте.
Бул ҳаққында Қарақалпақстан
Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын
муўапықластырыў бойынша оператив Штабының мəжилис баянламасы қабыл етилди.
Онда жөнелиссиз таксилер – жолаўшы тасыў ушын
автомобиль салонында басқарыўшы орынлығы жолаўшылардың орынлығынан пластикалық
яки плёнка менен тосылған болыўы;
автомобиль басқарыўшысы менен жолаўшының
медицианлық нықабта болыўы;
жолаўшылардың саны еки адамнан
аспаўы ҳəм олардың автомобиль салонының артқы орынлығында жайласыўы жəне
жөнелиссиз такси басқарыўшысының өз аймағында ҳəрекетлениўи белгиленген.
Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети